Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Қарақалпақ халық қосықлары” кѳрик таңлаўы ѳткерилди

“Қарақалпақ халық қосықлары” кѳрик таңлаўы ѳткерилди

Шоманай районы Мәденият бөлимине қараслы “Ғулпақ” қосық ҳәм ойын халық ансамбли тәрепинен шөлкемлестирилген “Қарақалпақ халық қосықлары” атлы көрик таңлаў шөлкемлестирилди.

Таңлаўға районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплерден, Мәденият бөлиминде ислеп турған дөгереклер ҳәм бес баслама бойынша қосымша шөлкемлестирилген дөгереклерден жәми 15 жас талантлылар қатнасты. Таңлаўда Мәденият бөлимине қараслы «Бегжап» Мәденият орайындағы Эстрада қосықшылығы дөгерек қатнасыўшысы Жолдасбаева Жасмина 1-орын, Миллий қосықлар атқарыўшылығы дөгереги қатнасыўшысылары Орақбаев Атабек 2-орын, Хожамуратова Гүлпаршын 3-орынларды жеңип алды.

Шоманай районы Мәденият бѳлими

Skip to content