Múrájat ushın isenim telefonı

background

Чернобыль Атом Электростанциясындағы жарылыў ақыбетинде келген зыянды сапластырыў ислерине қатнасқан жерлеслеримиз мүнәсип сыйлықланды

Чернобыль Атом Электростанциясындағы жарылыў ақыбетинде келген зыянды сапластырыў ислерине қатнасқан жерлеслеримиз мүнәсип сыйлықланды

Дүнья жүзине белгили XX әсир апатшылығы Чернобыль Атом Электростанциясындағы жарылыў ақыбетинде келген зыянды сапластырыў ислериниң жуўмақланғанына 35 жыл толды.

Усы апатшылықтан келген зыянды сапластырыў ислерине ҳәм буннан басқада атом күшин сынаў өткериў полигонларында хызмет еткен аўқамлас еллер азаматлары қатарына, бизиң Қарақалпақстан Республикасынан 515 жерлеслеримиз қатнасып, усы адамлар ишинде 23 ҳаял-қызларымызда бар, соннан ҳәзирги күнде 370 адам нурланыў кеселликлери ақыбетинде I-II-III топар майыплары болып дизимде турған болса, 125 азаматымыз аўыр кеселликлер ақыбетинен мезгилсиз дүньядан өткен.

Бизиң районымызданда усы Чернобыль Атом Электростанциясындағы жарылыўы ақыбетинде келген зыянды сапластырыў ислерине 8 азаматымыз қатнасқан.

Усы мүнәсибет пенен 2021-жыл 23-апрель сәнесинде Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Чернобылшылары ассоциациясы тәрепинен естелик саўғалар ҳәм кѳкирек нышанлары салтанатлы тапсырылды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content