“Бир зыялы – бир мəхəллеге қəўендер” жойбары тийкарында ӨзМДТСУ Нөкис филиалына бириктирилген “Кетенлер” АПЖ аймағындағы 11-санлы мектеп, “Сарманбайкөл” АПЖ аймағындағы 12-санлы мектеплеринде филиал профессор-оқытыўшылары А.Елмуратова, Б.Алламбергенова, Б.Табынбаев хəмде филиал студентлери қатнасыўында спорттың волейбол түри бойынша мəхəлле жаслары ушын мастер класс шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, илажларда Жаслар агентлиги Шоманай районы бөлими баслығы М.Нарбаев хəм филиал оқытыўшылары тəрепинен жасларға мəмлекетимиз тəрепинен жаратылып атырған имкәниятлар, жаслар сиясатындағы реформалар, сондай-ақ, ӨзМДТСУ Нөкис филиалындағы бағдарлар бойынша кеңнен түсиник, мағлыўматлар берилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети