Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаслар жетекшилериниң саўаплы басламалары

Жаслар жетекшилериниң саўаплы басламалары

Шоманай районы улыўма билим бериў мектеплери Жаслар жетекшилери тәрепинен саўаплы басламаға қол урылды. “Перзентлик миннетим” атамасында өткерилип атырған бул акцияға Жаслар жетекшилери менен бир қатарда улыўма билим бериў мектеплериниң белсенди ҳәм кеўилли оқыўшылары да қатнаспақта.

Акция шеңберинде жаслар жетекшилери өз аймақларындағы кекселер, жалғыз баслы нураныйлардың ҳал жағдайынан хабар алып, олардың үй жумыслары ҳәм тамарқаларын егиске таярлаў ушын абаданластырыў жумысларын алып бармақта. Бундай саўаплы акциялар еле даўам етеди.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content