Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Ерте ҳәм ағайынлер арасындағы некениң алдын алыў” бойынша үгит-нәсият жумыслары ѳткерилди

“Ерте ҳәм ағайынлер арасындағы некениң алдын алыў” бойынша үгит-нәсият жумыслары ѳткерилди

2021-жыл 20-апрель күни Шоманай районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминде Қоңырат районлар аралық экономикалық суды баслығы А.Аяпов, Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық суды баслығы Э.Ешмуратов, Шоманай районы Жынаят ислери бойынша суды баслығы Р.Назаровлар тәрепинен аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынының хаял-қызлар мәселелери  бойынша орынбасарлары қатнасында жыйналыс өткерилди.

Жыйналысты Шоманай районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Д.Ибадуллаева ашып берди ҳәм сөзди судья А.Аяпов ҳәм Р.Назаровларға берди.

Қоңырат районлар аралық экономикалық суды баслығы А.Аяпов ҳәм Шоманай районы Жынаят ислери бойынша суды баслығы Р.Назаровлар Өзбекстан Республикасының 30.03.2021-жыл “Өзбекстан Республикасының  айрым нызам ҳүжжетлерине өзгертиў ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы ЎРҚ–679-санлы Нызам әҳмийети ҳәмде қандай өзгертиў ҳәм қосымшалар киритилгени бойынша кең түсиниклер берди. 

 Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық суды баслығы Э.Ешмуратов “Ерте ҳәм ағайынлер арасындағы некениң алдын алыў” бойынша бугинги күнде бизиң жасларымыз  айрымлары неке қурыўға таяр емеслиги, ерте турмыс қурыў ҳәм ағайынлер арасында неке қурыў әқибетинде некеден ажрасыўларға себеп болып атырғанын айтып өтти.

Буннан соң Шоманай районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы биринши орынбасары Б.Қуденова шығып, “Ерте ҳәм ағайынлер арасындағы некениң алдын алыў”да терең түсиниклер берип өтти.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content