Шоманай районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлиминде Шоманай районы ҳәкимлиги баспасѳз хаткери басламасы менен район аймағындағы напақа алыўшы пуқаралардың напақа алыў бойынша келип шығып атырған машқалаларынан келип шығып, Шоманай районы ҳәкимниң орынбасары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлими баслығы Д.Ибадуллаева, Фининс Министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қоры Шоманай районлық бѳлими баслығы А.Бекбергенов, «Социаллық қорғаў бирден бир рестри» арқалы мәмлекетлик социаллық хызметлери ҳәм жәрдемин инәм етиў секторы бас қәнигеси Ғ.Қурбанов, районлық Халықтың бәнтлигине кѳмеклесиў орайы жумысқа жайластырыў секторы баслығы А.Рзашовалардың қатнасында «Пуқараларға напақа тайынланыў тәртиби» ҳаққында ашық сәўбетлесиў ѳткерилди.
Ашық сәўбетлесиўге келген пуқаралардан «Моншақлы» МПЖ турғыны пуқаралар А.Қалбаева, А.Жарылқағановалар, «Наўрыз» МПЖ турғынлары Н.Ғаниева, Б.Ѳтебаевалар напақа алыў бойынша жүзеге келген машқалаларын айтып ѳтти ҳәм тийисли қәнигелер тарепинен толық ҳәм анық түсиниклер берип ѳтилди. Соң «Социаллық қорғаў бирден бир рестри» арқалы мәмлекетлик социаллық хызметлери ҳәм жәрдемин инәм етиў секторы бас қәнигеси Ғ.Қурбанов тәрепинен напақа алыў тәртиби бойынша слайд арқала семинар ѳткерилди. Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.