Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында жаслар менен ашық сәўбетлесиў ѳткерилди

Шоманай районында жаслар менен ашық сәўбетлесиў ѳткерилди

Усы жылдын 21-апрель күни  Жумабай жыраў Базаров атындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде жаслар менен ашық сәўбетлесиў шөлкемлестирилди. Ашық сәўбетлесиўге Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент ахборот технологиялары университети Нөкис филиалы профессор оқытыўшылары, студент жаслары ҳәм район орайындағы 1-7-16-33-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң 100 ге жақын питириўшилери қатнасты.

Ушырасыў даўамында профессор оқытыўшылар сөзге шығып жоқары оқыў орынларында болып атырған жаңалықлар, өзгерислер ҳәм филиалдың жетискенликлери ҳаққында тоқталып өтиў менен бир қатарда мектеп питириўшилерин бүгинги заман талабына сай келетуғын қәнигеликлерди таңлап ҳәм келешекте таңлаған кәсиби менен елимиздиң еледе раўажланыўы ушын үлес қоса алатуғын кадрлар болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

Ушырасыў даўамында филиалдың үлгили студентлери мектеп питириўшилерине билимниң сырларын терең үйренип, анық мақсетлер менен алға қәдем тасласа ҳәр қандай тосықларды жеңип өтиўин түсиндирип өтти ҳәм жетискенликке ерисиў сырлары ҳаққында мастер класлар шөлкемлестирди. Окыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына тараў қәнигелери тәрепинен анық жуўаплар ҳәм мәсләҳәтлер алды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content