Кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оныӊ ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. Кредит деп нызамда белгиленген кредит бериўши субъектлер тәрепинен белгили мүддетке пайыз есабына, юридикалық шахслар ҳәм ҳәрекетке уқыплы физикалық шахсларға берилетуғын пул қаржыларына айтылады. Кредит шәртнамасы жазба формасында дүзиледи. Себеби нызамда белгиленген шәртнама дүзиў қағыйдаларға итибар қарататуғын болсақ, оларда қатнасыўшы тәреплерден биреўи юридикалық шахс болғанда ҳәм бул шәртнама әлбетте, жазба формасында дүзилиўи шәрт.
Кредит шәртнамасыныӊ жазба формасына әмел етилмесе кредит шәртнамасыныӊ ҳуқыйқый болмаслығына алып келеди. Бундай шәртнама өз-өзинен ҳақыйқый болмайды. Кредит түрлери коммерциялық кредити, банк кредити, тутыныўшылық кредити, мәмлекетлик кредити, ҳалықаралық кредитлерден ибарат.
Коммерциялық кредити бул сатыўшылардыӊ қарыйдарға товар түринде берилетуғын кредит. Бунда товарлар мәлим мүддетте пулын төлеў шәрти менен кредитке бериледи. Банк кредитинде банк ҳәм басқа кредит шөлкемлери пулды оныӊ ийелерине пайыз төлеў шәрти менен өзлеринде жәмлейди ҳәм өз атынан қарыз берип, пайыз алады. Тутыныўшылық кредитинде коммерциялық банклери тутыныўшыларға товар сатып алыў ушын қарыз береди. Мәмлекетлик кредит дегенде банклердиӊ мәмлекетке қарыз бериўи яки мәмлекеттен қарыз алыўы түсиниледи. Мәмлекетлик кредити тийкарынан мәмлекетлик заём формасында болады. Заём мәмлекеттиӊ қарыздарлық гүўаҳнамасы болып, ол қарызды ўақты келгенде қайтарып алыў ҳәм пайыз төлеўди кепиллейди. Халықаралық кредит бул қарыз капиталыныӊ дүнья масштабындағы ҳәрекети болып, бул ҳәрекет товар ҳәм валюта көринисндеги қәрежетлерин қайтарып бериў, мәлим мүддет бериў ҳәм ҳақ төлеў тийкарында бериў менен байланыслы.
Кредитордыӊ ҳуқықлары қарыз алыўшыдан кредит шәртнамасыныӊ мүддети тамам болыўы менен пулды талап етеди; коммерциялық кредити бойынша пул төленген болса, кредиторға кредит нәрсесин, яғный кредит шәртнамасыныӊ предметин туўырлап бериўи керек; затлар кредитке берилген болса, кредит суммасын өз ўақтында төлениўин бақлап турыў; егерде кредит шәртнамасы мүддети ишинде пул ақырына шекем төленбесе, қарыз алыўшыныӊ үстинен судқа мүрәжат қылыўы мүмкин екенлигинен ибарат.
Қарыз алыўшыныӊ миннетлемелери: кредит шәртнамасы бойынша, кредитке алынған нәрсениӊ баҳасын ҳәр айда, шәртнамада келисилген мүддетте төлеп турады; анық мақсетли кредит алынған болса, алынған кредитти мақсетке муўапық ислетиўди; коммерциялық кредит төленген болса, қарыз алыўшыдан кредит шәртнамасыныӊ предметин туўырлап бериўди талап етеди;
Егер кредит шәртнамасына муўапық қарыз алыўшы белгиленген мүддет ишинде кредит суммасын төлей алмаса, кредитке берилген нәрсе судтыӊ қарарына муўапық сатылады ҳәм кредит шөлкеми есабына төленеди.
Кредитор қарыз алыўшыны төлеўге мүмкиншилиги жоқ деп есапласа, қарыз алыўшы кредитти тәмийинлеў миннетлемесин орынламаса, шәртнамада нәзерде тутылған кредиттен анық мақсетте пайдаланыў миннетлемесин бузса, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылмаған басқа жағдайлар қарыз алыўшыға кредит шәртнамасында нәзерде тутылган кредитти бериўден пүткиллей яки қысман бас тартыўға ҳақылы. Карыз алыўшы кредит алыўдан пүткиллей яки қысман бас тартыўға ҳақылы. Егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз алыўшы бул ҳаққында кредиторды кредит шәртнамасында белгилеп қойылған кредит бериў мүддетине шекем хабардар қылыўы шәрт. Қарыз алыўшы кредит шәртнамасында нәзерде тутылған кредиттен анық мақсетте пайдаланыў миннетлемесин бузған жағдайда кредитор шәртнама бойынша қарыз алыўшыны буннан былай кредитлеўди тоқтатыўға ҳақылы. Кредит шәртнамасы, тәреплер оны имзалаған ўақыттан баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судларында 2020 жыл даўамында жәми көрилген 7735 пуқаралық ислерден кредит шәртнамасы менен байланыслы 1751 (22,6%) ис көрилип тамаланған, ал 2021 жыл 1-шереги даўамында жәми көрилген 3447 пуқаралық ислерден 1610 (46,7%) ис көрилип тамамланған.
Мысал келтиретуғын болсақ, талапкер Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы АКБ “Қишлоқ қурилиш банк” Қарақалпақстан филиалы мәпинде жуўапкер С.Абатов ҳәм Т.Гулямовқа қарата кредит шәртнамасы бойынша кредит шәртнамасы бойынша қарыздарлықты мүддетинен бурын өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен. Ис бойынша анықланған ҳалатларға қарағанда, АКБ “Қишлоқ қурилиш банк” Қарақалпақстан филиалы менен жуўапкер С.Абатов орталарында 2019 жыл 11 февраль күни кредит шәртнамасы дүзилген. Бул кредит шәртнамасына көре, жуўапкер С.Абатовқа 24 ай мүддетке 34 пайыз төлеў шәрти менен 10.000.000 сум кредит қаржылары ажыратылған. Кредиттиӊ қайтарылыўы тәмийнаты сыпатында пуқара Т.Гулямов кепил болған. Жуўапкер С.Абатовтыӊ кредит бойынша тийкарғы қарызы 2.560.540 сум, есапланған пайыздан қарызы 475.460 сум, жәми 3.036.000 сумды қураған. Пуқаралық ислери бойынша судыныӊ 2020 жыл 13 ноябрьдеги бийлиги менен даўа қанаатландырылған. АКБ “Қишлоқ қурилиш банк” Қарақалпақстан филиалы пайдасына жуўапкерлер С.Абатов ҳәм Т.Гулямовлардан солидар тәртипте 3.051.610 сум өндириў, мәмлекет пайдасына 223.000 сум мәмлекетлик бажы өндириў белгиланген.
Қаракалпақстан Республикасы суды
судьясы Саодат Қайпназарова