Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаслар машқалаларын шешиў бүгинги күннин баслы мақсети

Жаслар машқалаларын шешиў бүгинги күннин баслы мақсети

Усы жылдын 21-апрель күни «Кетенлер» аўыл пуқаралар жыйыны имәратында жаслар менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыўға район прокуроры 2-сектор баслығы М.Оразбаев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық хабыллаўханасы баслығы И.Абдирахманов, Ѳзбекстан Республика Бас Ўәзириниң исбилерменлер қабыллаўханасы баслығы А.Мухыятдинов, район ҳәкиминиң жаслар мәселелери бойынша орынбасары А.Қайпназаров, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы М.Нарбаев ҳәм бир қатар мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты. 

Ушырасыўда тараў басшылары тәрепинен елимизде жасларға жаратылып атырған имкәниятлар, Президентимиздиң жаңадан қабыл етилип атырған Пәрман ҳәм Қарарлары ҳаққында түсиниклер бердилди ҳәм жаслардың усыныслары тыңланды. Жаслар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усынысларға тараў басшылары анық жуўаплар берип өтти.

Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлими баслығы: М.Нарбаев

Skip to content