Сесияны Халық депутатлары Шоманай районлық Кеӊеси баслығы Б.Янгибаев ашып берди ҳәм басқарып барды.
Сессияда “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 17-статьясына муўапық сессия мәжилисиниң протоколын алып барыў ушын сессия хаткери етип 1-“Қарабайлы” сайлаў округинен районлық Кеңесиниң депутаты Қалеков Айбек Алламбергенович усыныс етилди ҳәм бир даўыстан сайланды.
Сессия күн тәртибинде 15 мәселе қойылып, додаланып кѳрип шығылды ҳәм қарар жойбарлары менен таныстырылып, Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен даўысқа қойылып тастыйықланды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon