Шоманай районы Педагогика колледжинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы, 2020-жыл 20-октябрь күнги «Мәмлекетимизде өзбек тилин және де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-6084-санлы Пәрманы ҳәм де 2020-жыл 13-декабрь күнги Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында болып өткен видеоселектор жыйналысындағы тапсырмаларды ҳәм тараўға тийисли болған басқа да ҳуқықый-норматив ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район ҳәкимилиги тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
Үйрениў нәтийжесинде анықланған қәте-кемшиликлер бойынша хызметкерлерге түсиник жумыслары алып барылды ҳәм орнында сапластырылды.
Шоманай районы ҳәкиминиң мәсләҳәтшиси С.Палымбетова