Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының халықты дизимге алыў барысында ўәкиллиги

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының халықты дизимге алыў барысында ўәкиллиги

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органлары:

халыкты дизимге алыўды өткериўге көмеклесиў бойыншаа жергиликли комиссияларды дүзеди;

ҳәкимшлик-аймақлық бирликлер шегараларын есапқа алған ҳалда елатлы пунктлерде жасаўшы халық санын көрсеткен ҳалда усы пунктлердиң толық дизимин тәмийинлейди;

ҳәкимшлик-аймақлық бирликлерде көшелердиң атамалары, үйлер ҳәм ханаданлардың номерлери көрсетилген көрсеткишлер болыўын тәмийинлейди;

бәнт етилген дизимге алыўшы хызметкерлер дизими тастыйықланады;

дизимге алыўшы хызметкерлерди  таңлап алыў ҳәм оқытыў шөлкемлестириледи;

халықты дизимге алыўды өткизиў шеңбериндеги ислерди орынлаўға бәнт етилген  шахслардың оқыўы ҳәм ислеўи ушын жарамлы мебель ҳәмде байланыс қураллары менен тәмийинленген ўақтыншалық ханалар, сондай-ақ зәрүр транспорт қураллары берилиўи тәмийинленеди;

дизимге алыў журналлары ҳәм басқа дизимге алыў ҳүжжетлари ўақтынша сақлаў ушын қорықланатуғын ханалар ажыратыў  бойынша шаралар көриледи;

халықты дизимге алыўды өткизиў қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ислердиң муўапықластырылыўын шөлкемлестириледи.Шоманай районы статистика бөлими

Skip to content