Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында Нѳкис районының «Ҳаяллар дәптери»не киритилген ҳаял-қызлар қатнасыўында медиа-тур шѳлкемлестирилди

Шоманай районында Нѳкис районының «Ҳаяллар дәптери»не киритилген ҳаял-қызлар қатнасыўында медиа-тур шѳлкемлестирилди

Усы жылдың 18-апрель күни Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм Нѳкис районы ҳәкимлигиниң келисими менен Нѳкис районында «Ҳаяллар дәптери» дизимине киритилген ҳаял-қызлардың қатнасыўында Шоманай районында Медиа-тур шѳлкемлестирилди.

Бунда Шоманай районы аймағындағы пахтаны қайта ислеў (пахтадан жип) ислеп шығарыўшы «Шоманай экотекс» ЖШЖ кәрханасы жумыслары менен танысты. Сондай-ақ Гидропоника усылында шѳлкемлестирилген «Ranomad» ҳәм  «Shomanay meridian» заманагѳй ыссыханаларына ҳәм де усы жылы иске қосылған «Етти хазина олами» ЖШЖ лимонға қәнигелескен ыссыханалардың жумыс барысы менен танысты, ол жердеги ислеўши ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

Район орайында жайласқан Ѳнерментлер мектебиде итибардан шетте қалмады. Себеби ѳнерли қызларымыздың ѳз қоллары менен таярлаған гилем, қурақлары келген мийманларды ѳзине тартпай қоймайды. Ол жерде ѳнермент Нәўбетова Алтынай апа менен қалаберсе шәкиртлери менен де сәўбет қурыўды лазым тапқан мийманлар, кийизден исленген ҳәр қыйлы аяқ кийимлер ҳәм басқада бўйымлар, кесте ҳәм нағыслы шийлердиң қалай ислениўи бойынша түсиниклер алды.

Соң ҳаял-қызлар салоны Шәменай салонына барып жас исбилермен қыз Шахрибанудың исбилерменлик сырлары менен танысты.

Медиа-тур жуўмағында Нѳкис районнан келген делегация  Нѳкис районы ҳәкиминиң орынбасары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлими баслығы С.Абатова Шоманай районы ҳакимлигине миннетдаршылығын билдириў мақсетинде естелик саўғасын тапсырды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content