Ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасынан Обод-қишлоқ дәстүри бойынша ўәкили М.Нуратдинов, 1-сектор баслығы Б.Янгибаев, Нураный, Халық муғәллими А.Узақовлар қатнасып жаңа имәраттың тапсырылыўы бойынша келген мийманларды қутлықлады.
Президентимиз басламасы менен Обод-қишлоқ дәстүри енгизилип, усы аймақта дәстүрге киритилди ҳәмде дәстүрдиң жумыс барысын биринши халық саламатлығын беккемлеў бағдарында кѳрсете билди.
610 млн сўмлық қаржы талап етилген бул ири оңлаў жумысларын «Набирал-Кегейли» ЖШЖ тыным билмей, бар ықласы менен жумыс ислеп, бүгинги күни Айбүйир халқына пайдаланыўға ал, районлық медицина бирлеспесине имәраттың гилтин тапсырды.
Буннан миннетдар болған Медицина бирлеспеси баслығы С.Адакаев «Набирал-Кегейли» ЖШЖ баслығы Азамат Даўқараевқа баҳалы саўғасын тапсырды.
Аўыл шыпакерлик пунктинде бүгинги күнде 2 тәжирийбели шыпакер, 9 патронаж, 6 мийрибийке, 2 лаборант ҳәм 2 акушеркалар жумыс алып бармақта. Шыпа излеп келген пуқараларға хызмет кѳрсетиў ушын барлык мүмкиншиликлерге ийе лаборотория, стериллеў үскенеси автоклав, ЭКГ аппараты, алдын ала шаншыў пункти ҳәм профилактика жумыслары алып барылады.
Айбүир МПЖ, Ақжап АПЖ аймағындағы 6657 пуқараға 4 койкада күндизги емлеў жумыслары әмелге асырылады дейди Медицина бирлеспеси баслығы С.Адакаев.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.