Múrájat ushın isenim telefonı

background

Рамазан айында имкәнияты шекленген пуқаралардың халынан хабар алынды

Рамазан айында имкәнияты шекленген пуқаралардың халынан хабар алынды

Шоманай районында имкәнияты шеклениўине қарамастан спорттың шахмат түринен ѳзиниң шәкиртлерин кѳбейтип атырған Аббаз Ешмуратов, бүгинги күни 6 оқыўшыға район орайында Педагогика колледжинде шахмат сырларын үйретпекте.
Оның оқыўшылары Республика кѳлеминде сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Аббаз 6 оқыўшы менен шекленип қалмасан шәкиртлерин кѳбейтиўди, ѳзиниң дѳгерегин кеңейттириўди нийет қылған.
Рамазан айы мүнәсибети менен Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев Аббаздың жумысларынан ҳәм ѳзинен хабар алып, Планшет ҳәмде Аббаздың үлкен кемпир апасы 94 жасқа толған Кайдаўлиева Улмекен апаның халынан хабар алып саўғалар тапсырды ҳәмде апамыз ѳз миннетдаршылығы билдириў нийетинде дуўаға қол жайды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content