Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жасларды исбилерменликке тартыў-баслы бағдарымыз.

Жасларды исбилерменликке тартыў-баслы бағдарымыз.

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен “Ҳәр бир исбилермен жасларға ғамқор” принципи тийкарында “темир дәптер”ге киритилген жумыссыз ҳәм жәмлеспеген жасларды исбилерменликке тартыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде исбилерменлик көнликпелерин асырыў бойынша ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди. Ушырасыў барысында исбилерменлик искерлиги ҳәм оның түрлери ҳаққындағы мағлыўматларды әпиўайы, қызықлы, креатив болған жаңа усылларда көргизбе қуралларынан пайдаланылған ҳалда түсиндирилип ҳәм исбилерменликке байланыслы буклетлер ҳәм қолланбалар тарқатылды.


Сондай-ақ, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ислеп шығылған «Бизнес жойбарлары топлам»лары жәмлеспеген жасларға өз бизнес искерлигин баслаўы ушын кең түрде таныстырып өтилди.
Бул бағдар бойынша жумыслар район көлеминде тастыйықланған кестеге муўапық даўам етпекте.

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы жетекши қәнийгеси Оразбаев Акбар Толыбаевич

Skip to content