Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районы ҳәкимлиги мекетеп питкериўшилерин Жоқары оқыў орынлары профессор оқытыўшылары ҳәм студент жаслары менен ушырасыў шѳлкемлестирди

Шоманай районы ҳәкимлиги мекетеп питкериўшилерин Жоқары оқыў орынлары профессор оқытыўшылары ҳәм студент жаслары менен ушырасыў шѳлкемлестирди

Шоманай районы улыўма билим бериў мектеплери 11-класс оқыўшыларының усыныслары ҳәм Шоманай районы ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен 14-апрель күни Жумабай жыраў Базаров атындағы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде ҳәмде 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшы жаслар ҳәм жоқары оқыў орынлары профессор оқытыўшылары, студент жаслары менен ушырасыў кешелери шөлкемлестирилди.

Ушырасыўларға Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы, Наўайы Мәмлекетлик  кәншилик  институты Нөкис филиалы, Самарқанд ветеринария медицина институты Нөкис филиалы ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының профессор оқытыўшылары ҳәм жетискенликлерге ерискен бир қатар студент жаслары қатнасты.

Ушырасыў даўамында профессор оқытыўшылар тәрепинен жоқары оқыў орынларында болып атырған жаңалықлар, өзгерислер ҳаққында тоқталып өтиў менен бир қатарда мектеп питириўшилерин бүгинги күн талабына сай келетуғын қәнигеликлерди таңлап ҳәм келешекте таңлаған кәсиби менен елимиздиң еледе раўажланыўы ушын ўлес қоса алатуғын кадрлар болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

Жетискенликлери менен теңлеслеринен өрнек бола алатуғын үлгили студент жаслар да мектеп питириўшилерине билимниң сырларын терең үйренип анық мақсетлер менен алға қәдем тасласа ҳәрқандай тосықларды жеңип өтиўин түсиндирип өтти ҳәм жетискенликке ерисиў сырлары ҳаққында мастер класлар шөлкемлестирди.

Ушырасыўлар соңында Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының доцент оқытыўшысы, «Дослық» ордени ийеси Гулбаҳар Ахымбетова ҳам талантлы жасларының қатнасындағы мәдений кеше менен даўам етти.

Бул ушырасыўларга район аймағындағы 18 улыўма билим бериў мектеплеринен 400 ден аслам мектеп питкериўшилери қатнасты.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content