Шоманай районы Мәденият бөлими киши залында Өзбекстан жаслар аўқамы жанындағы «Камалак» балалар шөлкеминиң «Жыл Сәрдары» Република көрик таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Таңлаўға Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплериндеги сәрдарлары арасында жеңимпаз болған Аўқам ҳәм «Камалак» сәрдарлары өз-ара беллести. Таңлаўға 29 мектептен жәми 80 ге жақын сәрдарлар хәмде оқыўшы жаслар қамтып алынды. «Камалак» сәрдарлары арасында өз теңлеслеринен үстин келип 28-санлы мектептин 4-класс оқыўшысы «Камалак» сәрдары Баймуратова Айсара Полат қызы таңлаўда биринши орынды ийелеп Республика басқышына жолламаны қолға киритти. Аўқам сәрдарлары арасында 14-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы жаслар аўқамы сәрдары Даўлетярова Дилфуза өзиниң белсендилиги ҳәм шаққанлығы менен таңлаўда сыйлы биринши орынды иелеп, Республика басқышына жолламаны қолга киритти. Көрик таңлаў жыўмағында шөлкемлестириўшилер тәрепинен жеңимпаз болған сәрдарларға диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Өзбекстан жаслар аўқамы
Шоманай районлық Кеңеси