Бүгин Шоманай районы ҳәкимлиги, мәжилислер залында райондағы 4 сектор басшылары, мәкеме шѳлкем ҳәм кәрханалар басшылар, сондай-ақ ғалаба хабар қураллары ўәкиллер, журналист блогерлер қатнасында «Ҳаяллар дәптери» дизимине киритилген ҳаял-қызларға социаллық ҳәм экономикалық жақтан кѳрсетилип атырған жәрдемлер темасында Баспасѳз-конференциясы ѳткерилди.
Конференция даўамында «Ҳаяллар дәптери» дизимине киритилген ҳаял-қызларға социаллық ҳәм экономикалық жақтан кѳрсетилип атырған жәрдемлер бойынша район ҳәкиминиң баянаты тыңланды. Соң ғалаба хабар қураллары ўәкиллер, журналист блогерлер тәрепинен сораўлар берилип, сектор басшылары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен жуўаплар берилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.