Ярым финал ойыны А ҳәм Б топқа бѳлинип, 2 күн даўамында болып ѳтти. Б тобында Ѳзбекстан кѳркем ѳнер ҳәм Мәденият институты Нѳкис филиалының «Жас Пегас», 4-санлы мектептиң «Жаслар», 15-санлы мектептиң «Ташкент» командасы ҳәм Қоңырат районынан «Бирлеспеген жаслардың бирлеспеси» БЖБ командалары ѳз-ара күш сынасты.
2 күн даўам еткен ойынның жуўмағы бойынша Ҳәзил майданы лигасының финал басқышына тѳмендеги командалар жоллама алды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon