Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманайда лимоншылыққа қәнигелескен ыссыхана шөлкемлестирилди

Шоманайда лимоншылыққа қәнигелескен ыссыхана шөлкемлестирилди

«2021—2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында»ғы Президент қарарында Республикада 2020-2022-жылларда экспорт көлемин 347 миллион долларға жеткериў, экспорт етиўши кәрханалар санын 250 ге, экспорт етилетуғын өнимлер түрин 30 ға асырыў реже етилген. Бул бағдарда Шоманай районында санаат, аўыл хожалығы тараўларында бир қатар жойбарлар басқышпа-басқыш турмысқа енгизилмекте.

Шоманай районындағы «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында улыўма майданы бир гектардан ибарат болған еки ыссыхана 2018-жылда шөлкемлестирилген еди. Бүгинги күнде бул орынларда аўыл хожалығы өнимлери жетистирилип, бир қатар район пуқараларының турақлы бәнтлигиниң тәмийнлениўине ерисилмекте. Районда инвестиция жойбарларының турмысқа нәтийжели енгизилиўи менен бул бағдарда жумыслар быйылғы жылыда даўам еттирилмекте. Аўыл пуқаралар жыйынында және бир усындай ири жойбар яғный «Жети ғәзийне әлеми» жуўаппкершилиги шекленген жамийети негизинде лимоншылыққа қәнигелескен жаңа ыссыхана шөлкемлестирилди. Жаңа ыссыхананың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен бул жерге район кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм исбилерменлер келип, жаңа ыссыхана жумыслары менен жақыннан танысты.

Цитрус өсимликлер жыллы климатқа бейимлескенлиги себепли, оларды егиўде ыссыханаларды шөлкемлестириў қолайлы ҳәм нәтийжели усыл. Бүгинги күнде мәмлекетимизде Наманган ўәлаяты лимоншылықта үлкен тәжрийбеге ийе аймақ есапланады. Теплицаны шѳлкемлестириўде усы ўалаятттан 2 мыңға жақын лимон нәллери алып келинди ҳәм егилди. Сондай-ақ лимон жетистириў бойынша тәжрийбели дийханлардың әмелий жәрдемлери ҳәм мәсләҳәтлеринен пайдаланылды.

Сондай-ақ Туран банк Қарақалпақстан Республикасы филиалы қанигелери тәрепинен райондағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәкеме ҳәм шѳлкем ўакиллерине лимоншылық бойынша семинарлар ѳткерилди.

Цитрус мийўелерде инсан организми ушын пайдалы болған витамин ҳәм элментлер оғада көп. Сонлықтанда ишки ҳәм сыртқы базарда бул түрдеги өнимлерге талап жоқары. Жаңа жойбар тийкарында ишки базар ушын 29,2 мың дана ҳәм экспорт ушын 164,7 мың дана лимон жетистириў күтилип атыр.

Соныда айрықша айтып өтиў керек жаңа бул ири түрдеги лимон жетистириўге қәнигескен ыссыхана районда емес, бәлким Қарақалпақстанда биринши ири жойбарлардын бири. Сонлықтанда оннан күтилип атырған нәтийжелерде көп. Жаңа жойбар Республикамызда цитрус мийўелерди жетистириўде лимоншылық мектебине тийкар жаратыў менен бирге ислеп шығарыў тараўында да және бир баслама болып хызмет етеди.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content