Ѳзбекстан Республиксы Олий мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2021-жыл 15-март күнги «Үй-жай қурылыс ҳәм ипотека базарын раўажландырыўға тийисли әҳмийетли ўазыйпалардың әмелге асырылыўы үстинен парламент ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын күшейттириў ҳаққында»ғы КҚ-203-IV-санлы қарарына муўапық, «Халқпарвар» комиссиясы жумысын шѳлкемлестириў бойынша аймақларға бириктирилген Олий мажлис сенаты ағзалары ҳәмде Жоқарғы Кеңес депутатларының орнында үйрениўи бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы ҳәм Жоқарғы Кеңес депутаты З.Реймова Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси жанында дүзилген «Халықпарвар» комиссиясы ағзалары менен ушырасты.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы ҳәм Жоқарғы Кеңес депутаты З.Реймова, Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси баслығы Б.Янгибаев, Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси секретариаты баслығы М.Есенгелдиев ҳәмде «Халқпарвар» комиссиясы ағзалары қатнасты.
Ушырасыў даўамында «Халқпарвар» комиссиясы нызамның мәнис-мазмуны ҳаққында түсиниклер берилип, комиссия жумысын жеделлестириў, белгиленген ўазыйпалардың сыпатлы ҳәм орнында үйренилип, унамлы шешилиўи бойынша комиссия ағзаларына бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.