Шоманай районында коронавирусқа қарсы емлеў районлық Медицина бирлеспесине қараслы Дийханабад, Сарманбайкѳл, Айбүйир, Бегжап ҳәм Қарабайлы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы Аўыл шыпакерлик поликлиникаларында ал, район орайына жақын аймақларға орайлық кѳп тармақлы поликлиникасында әмелге асырылады. Кетенлер, Мамый, Бирлешик аўыл пуқаралар жыйынларына ҳәм Майлы ѳзек аўыл елатлы пунктине мобиль топар кѳшпели тәризде вакцинация қылады.
Вокцина бийпул салынады.
Режеге тийкар, 65 жастан асқан пуқаралар ҳәм медицина хызметкерлери вирусқа қарсы емленбекте.
Коронавирусқа қарсы AstraZeneca ҳәм қытай-ѳзбек ZF-UZ-VAС2001 вакциналары пандемияны жеңиўде қәўипли вирус инфекциясынан асыраўда тийкарғы жол есапланады. Буны ҳеш қашан умытпаў лазым.
Вакцинация даўам етпекте.
Мағлыўмат ушын тлефонлар: +99861-346-24-02
+99890-658-61-07
Шоманай районы Медицина бирлеспеси.
@shomanay_rayon