Múrájat ushın isenim telefonı

background

Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигинен абайлы болың !!!

Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигинен абайлы болың !!!

Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа (ҚКГЫ) кеселлиги кенелер арқалы жуғатуғын, тәбийий ошақлы аса қәўипли жуқпалы кеселлик.

Кеселликти вирус қоздырады. Кенелер усы кеселлик вирусының сақлаўшысы ҳәм тасыўшылары болып есапланады. ҚКГЫ вирусының тийкарғы дәреклери – кемириўшилер, қара мал ҳәм қой-ешкилер.

Республикамыздың жүдә үлкен майданы геморрагиялық ысытпа бойынша тәбийий ошақлы аймақлар есапланады. Бул кеселлик вирус пенен зәрерленген кенелердиң тарқалыўына байланыслы болып, тәбийий  ошақлы болмаған аймақларда да ушырасыўы мүмкин. Буннан басқа, кеселликтиң республикамыз аймағына сырттан кирип келиўи ҳәм тарқалыў қәўпи де бар.

Кеселлик тийкарынан, кәсиби шөл аймақлары, яғный тәбийий ошақлар менен байланыслы болған кәсип ийелеринде (шопанлар, мал бағыўшылар, аңшылар, қой қырқымына ўакытша жумысқа тартылғанлар, олардың үйиндегилер) ушырайды. Геморрагиялық ысытпа мәўсимлилик қасийетке ийе болып, тийкарынан жылдың бәҳәр ҳәм жаз пасылларында дизимге алынады. Кеселликтеги бундай мәўсимлилик кенелер активлигине тиккелей байланыслы болады. Кеселлик тийкарынан (80%тен көбиреги) 20 – 60 жастағы ер адамларда ушырайды.

Тәбийий шараятта бул кеселлик вирус сақлаўшы кенелердиң шағыўы яки шарўа маллардан кенелерди алып, қоллар менен езиў нәтийжесинде териниң, силекейли қабаттың кене қаны менен ипласланыўы арқалы адамларға жуғады.

Кеселликтиң және бир қәўипли тәрепи ҚКГЫ менен аўырған наўқас қаны арқалы да денисаў адамға жуғады.

Наўқаслардан лабораториялық тексериў ушын қан алыў ҳәм тери пүтинлиги бузылыўы менен кешетуғын процедураларды әмелге асырыў пайытында тийисли қағыйдалар сақланбаўы нәтийжесинде медициналық хызметкерлерге де кеселлик жуғыўы мүмкин.

Кеселликтиң жасырын дәўири орташа 2 – 3 күн даўам етеди. Айырым ўақытлары бул дәўир бир неше саатларға шекем қысқарады яки 14 күнге шекем созылады.

Кеселлик бирден басланып, дене температурасының көтерилиўи (39 – 40 ºС), жүз, мойын, көкирек терисиниң қызарыўы, денениң тоңып қалтыраўы, булшық етлердиң аўырыўы, әспи тасыўы, тис түби, мурын, асқазан-ишеклерден қан кетиўи, инъекция салынған орынларда қан қуйылыўлар киби белгилер менен көринеди. Айырым ўақытлары кеселлик аўыр кешип, өлим жағдайлары жүз бериўи мүмкин.

ҚКГЫ геморрагиялық белгилерсиз түрде де кешиўи мүмкин. Кеселликтиң бул түринде денеге әспи шықпайды, қанталасыўлар бақланбайды, кеселлик тийкарынан ысытпа ҳәм ҳәлсизлик белгилери менен кешеди.

Қрым – Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигинен сақланыў ушын төмендегилерди орынлаў усыныс етиледи:

егер кене адам денесине жабысқан болса иләжы барынша териге кирип турған жеринен жиңишке пинцет, беккем сабақ яки арнаўлы әсбап пенен басын үзип алмай абайлап туўры тартыў керек. Орнына йод яки спирт жағыў, болмаса сабынлап жуўыў,

жақын жайласқан емлеў-профилактикалық мәкемесине хабарласыў ҳәм үй шараятында шыпакер бақлаўында болыў,

кене шағыўдан сақланыў мақсетинде дене иләжы барынша кийим менен жабылыўы,

кене көбинше аяқлар арқалы кириўин инабатқа алып, шалбардың балақлары беккем байланыўы, носки яки аяқ кийимниң ишине салыныўы керек.

Терини кене шағыўдан асыраў ушын үркитиўши затлар, яғный репеллентлерден де пайдаланыў мүмкин, бундай затлар дәриханаларда сатылады.

Үркитиўши затлар териге себиледи, олардың тасири 3 саатқа шекем даўам етеди, 3 сааттан соң териниң репеллент себилген жерлери хожалық сабыны менен жуўып тасланады ҳәм зәрүрлик туўылса репеллент тәкирарый қолланылады.

Егер адамды кене шақса, яки денесине кене жабысқанын көрсе, қоллары кене қаны менен ипласланса, сондай ақ ысытпасы көтерилген, мурын, тис түби, асқазан – ишеклерден, жатырдан қан кеткен наўқасларға жәрдем көрсетсе, наўқастың қаны тери ҳәм силекейли қабатларға тийген болса, онда жәрдем көрсеткен адам да медициналық жәрдемге хабарласыўы шәрт.

Кенелерди қол менен езиў ҳәм қайшы менен кесип өлтириў қадаған етиледи. Қырқым мапазына балаларды, жас өспиримлерди ҳәм ҳәмиледар ҳаялларды тартыў мүмкин емес. Сүт саўыў пайытында сыйырлардан кенени қол менен алмаў керек. Сондай ақ, қырқым ўақтында тек арнаўлы қорғаныў кийимлерин (қолғап, жеңи ҳәм балақлары беккем жабылатуғын шалбар, камзол, етик) кийиў, жеке гигиена қағыйдаларына пухта әмел қылыў кеселликтиң алдын алыўда жүдә әҳмийетли.

Кене шағыўдан сақланыў – бул Қрым – Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң  алдын алыў гиреўи екенлигин умытпаўымыз керек!

Шоманай районы АЖМТ ҳәм ПҚ бѳлимшесы баслығы

лейтенант Ш.Нарбаев

Skip to content