Ѳзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы конституциясының 28 жыллығы байрамы қарсаңында және бир қуўанышлы күн, Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имәраты пайдаланыўға тапсырылды.
Салтанатлы ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, сектор ҳәм мәкеме шѳлкемлер басшылары қатнасты.
Ашылыў мәресимин Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев кирис сѳз бенен ашып берди ҳәм елимиздеги Президентимиз басламасы менен әмелга асырылып атырған қурылыс жумысларына тоқтап ѳтти. Сол қатары районымыздағы кейинги 4 жыллықта бой тиклеген имәратлар, ислеп шығарыў ҳәм хызмет кѳрсетиў обьектлери санының кѳбейип атырғанлығын мақтаныш пенен тилге алды.
Соң сѳзге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов шығып, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қабыл етилген «Халқымызға мәмлекетлик хызметлер кѳрсетиўдиң миллий системасын түптен реформалаў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына тийкар, бүгинги күни республика бойлап мәмлекетлик хызметлердиң сыпаты, тезлиги, ашықлығы ҳәм пайдаланыў имкәниятлары түптен ѳзгергенлигин атап ѳтти.
Соң Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков, Нураный Б.Смайловлар шығып, жаңа имәраттың ашылыўы менен район халқын қызғын қутлықлады.
6 айда қурылысты питкериўди режелестирген «Қалбақ-қурылыс» ЖШЖти белгиленген ўақыттан бурын қурылысты питирип, Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры А.Галиакберовқа имәрат гилтин тапсырды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon