Múrájat ushın isenim telefonı

background

Киши кѳлемли қайық басқарыўшыларды таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин асырыў бойынша оқыў курслары ѳткериледи

Киши кѳлемли қайық басқарыўшыларды таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин асырыў бойынша оқыў курслары ѳткериледи

Ѳзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар Министрлиги Академиясы жанындағы Пуқара қорғаныўы институтында «Киши кѳлемли қайық басқарыўшыларды таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин асырыў» бойынша оқыў курслары ѳткериледи.

Республикада жайласқан суў ҳәўизлеринде суў транспортларынан (кеме, киши кѳлемли қайық, катер, гидроцикл) тўўры пайдаланыў, түрли бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ҳәмде кеме басқарыўшы гуўалықларын бериў тәртибин жеделлестириў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар Министрлиги Академиясы жанындағы Пуқара қорғаныўы институтында оқыў курслары ѳткериледи. Усы оқыў курсларынан ѳткен, имтиқанларды жақсы тапсырған юридик ҳәм физикалық шахсларға курсты тамалағанлығы ҳаққында гуўалық  ҳәм  сертификатлар бериледи.

Усытпаң, алдын берилген кеме басқарыўшысы гуўалықлары 2021-жыл 1-январдан баслап ҳақыйқый есапланбайды.

Мәнзил: Нѳкис қаласы, А.Ѳтепов кѳшеси, номерсиз жай. Мүрәжат ушын телефон номерлери:  +99861 224-70-16, 99 750-96-34

Шоманай районы ҳәкимлиги

мәлимлеме хызмети.

Skip to content