Усы жылдын 18-20-февраль күнлери Шоманай районында «Шоманай жаслары форумы» өткерилген еди. Форум шеңберинде ҳәмде Сектор басшыларының жаслар менен өткерилген ушырасыўлары даўамында мектеп питириўшилери тәрепинен усыныслар келип түскен еди. Жаслардың усынысына көре жоқары оқыў орынлары менен жақыннан танысыў, ол жерде студентлер ушын жаратылған имкәнирятлар ҳәм тәлим бағдарлары ҳаққында түсиниклерге кеңнен ийе болыў мақсетинде жоқары оқыў орынлары профессор оқытыўшылары ҳәм үлгили студентлер менен ушырасыўлар ҳәм мастер классларды шөлкемлестирип бериўди сораған еди.
Жаслардың усынысларын инабатқа алған ҳалда Шоманай районы ҳәкимлиги басламасы менен 9-апрель күни район ҳәкимлиги мәжилислер залында ушырасыў кешелери шөлкемлестирилди.
Ушырасыўға Нөкис мәмлекетлик педагогика институты проректоры Полат Халқанов, доцент оқытыўшы Бахытбай Аташов, кафедра баслығы Амангелди Камалов, үлгили студентлерден Наўайы степендиясы лаўриаты Мийирбек Базарбаев, И.Каримов атындағы мәмлекетлик степендиясы лаўриаты Мияссар Азатбаева, спорттың таэквандо ITP жөнелиси бойынша Өзбекстан чемпионы Дилноза Артықбаева, спорттың волейбол түри бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Динора Ҳакимова, спортың самбо түри бойынша Өзбекстан чемпионы Надира Сахиева, Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистратура бөлими баслығы Илимпаз Алламбергенов, үлгили студентлерден Беруний атындағы мәмлекетлик степендиясы жеңимпазы Даўлетбай Сарсенбаев, «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийеси Сабур Сагатов, Өзбекстан мәмлекетлик дене-тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалынан спорт түрлери факултети деканы Рашид Шаниязов, улыўма кәсиплик гуманитар ҳәм тәбийий пәнлер кафедрасы баслығы Айсулыў Елмуратова ҳәм усы оқыў орнының 1-курс студенти «Еркин гүрес» бойынша Өзбекстан чемпионы Пахратдин Пранатдиновлар қатнасты.
Ушырасыў даўамында профессор оқытыўшылар тәрепинен жоқары оқыў орынларында болып атырған жаңалықлар, өзгерислер ҳаққында тоқталып өтиўи менен бир қатарда мектеп питириўшилерин бүгинги күн талабына сай келетуғын қәнигеликлерди таңлап ҳәм келешекте таңлаған кәсиби менен елимиздиң еледе раўажланыўы ушын үлес қоса алатуғын кадрлар болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.
Жетискенликлери менен теңлеслерине өрнек бола алатуғын үлгили студент жаслар да мектеп питириўшилерине билимниң сырларын терең үйренип, анық мақсетлер менен алға қәдем тасласа ҳәрқандай тосықларды жеңип өтиўин түсиндирип өтти ҳәм жетискенликке ерисиў сырлары ҳаққында мастер класслар шөлкемлестирди. Оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына тараў қәнигелери тәрепинен анық жуўаплар ҳәм мәслаҳатлер алды.
Бул ушырасыўларға район аймағындағы 17 улыўма билим бериў мектеплеринен 400 ден аслам мектеп питкериўшилери қатнасты.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети