Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28 жыл толды. Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.
Сол мүнәсибет пенен бүгин Шоманай районында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28 жыл толыўына бағышланған салтанатлы байрам кешеси шѳлкемлестирилди.
Кеше Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан республикалары мәмлекетлик гимни менен ашылып, район ҳәкими Б.Янгибаев кирис сѳз бенен баслап берди ҳәм байрам менен қутлықлады. Сол қатарда районымызда әмелге асырылып атырған ҳәм келешекте режелестирилген жумысларға тоқтап ѳтти.
Соң Шоманай районы Әдиллик бѳлими баслығы Ж.Сейтеков ҳәм «Шоманай нуры» газетасы бас редакторы Қ.Наўрызовлардың баянаты тыңланды.
Байрам Мәденият бѳлими хызметкерлери атқарыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети