Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында Китаплар дуньясы суўретлер кѳргизбеси ѳткерилди

Шоманай районында Китаплар дуньясы суўретлер кѳргизбеси ѳткерилди

Бүгин Шоманай районлық Мәлимлеме-китапхана орайында Китапқумарлық ҳәптелигиниң режесине тийкар жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша “Китаплар дуньясы” атамасында китап суўретли кѳргизбеси болып ѳтти. Кешеге район орайындағы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 16-23-33-санлы улыўма ҳәм орта билим бериў мектеплеринен суўретлеў ѳнерине қызығыўшы оқыўшылар қатнасты.          

Кешени Мәлимлеме-китапхана орайы хызмет баслығы У.Бекниязова кирис сѳз бенен ашып, бәршени “Китапқумарлық ҳәптелиги” байрамы менен қутлықлады. Соң қатнасыўшылар китап ҳәм ѳзлери оқыған шығармалары бойынша суўретлер салды. Қатнасыўшыларға орай тәрепинен “Ҳүрмет жарлығы” тапсырылды. Кеше районлық Мәденият бѳлими дѳгерек ағзаларының концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content