Министр ҳәм жаслар ушырасыўында Шерзод Шерматов республикамыз кѳлеминде www.uzbekcoders.uz парталы арқалы дизимнен ѳтип, «Бир миллион дәстүрши» жойбары шеңберинде билим алып атырған жаслар ҳаққында ѳз пикирин билдирди. Усы жойбар шеңберинде ең жақсы нәтийже Қарақалпақстан Республикасындағы мектеп оқыўшылары тәрепинен дизимге алынғанлығын атап ѳтти.
Сондай-ақ,ушырасыўда усы нәтийже узақ аймақтағы мектепке интернет кириб барғаны, оқыўшылардың дәстүрлеўди үйрениўине имкән жаратқанының дәлили ҳәм мектеп жәмийетиниң мийнети жүдә орынлы екенлиги айтып ѳтилди. .
Халық билимлендириў Министри оқыўшылардың сораўларына жуўап берип, жасларға жаратылған кең имкәниятлар ҳәм олардан үнемли пайдаланыў бойынша ѳз усынысларын билдирди.
“Министр ҳәм жаслар” ушырасыўында Шоманай районы Халық бидимдендириў бѳлимине қараслы 7-санлы улыўма ҳәм орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Қаллибекова Динара ең жақсы усыныс билдиргени ушын Ш. Шерматов тарепинен Наутбук компьютери менен сыйлықланды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети