Бүгин Шоманай районы ҳәкимлиги тәрепинен «Кетенлер» аўыл пуқаралар жыйыны Абыл аўылда жасаўшы кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж шаңарақлар район ҳәкимине, перзентлери узақ жерден мектепке қатнап атырғанлығы себепли вилосипед кереклигин айтып ѳз мүрәжатлерин билдирди ҳәм сол аймақтағы 11-26-мектеплерге 4 км қашықлықтан жаяў қатнайтуғын 4 оқыўшыға велосипед саўға етилди.
Вилосипедлерди район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Қалжанов басшылығындағы исши топар жасаў мәнзилине барып тапсырды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. @shomanay_rayon