Адамзат XXI әсирдиң дәслепки жылларын басынан кеширмекте. Инсаният бул әсирге унамлы сиясий ѳзгерислер, экономика, илим, техника, технология және мәденият салаларында уллы табыслар менен кирип келди. Усының менен бирге, адамзаттың алға илгерлеўине кесент бериўши факторлар, шешилмеген машқалалар да жәна әсирге табысларға жармасып ѳтип кетиўге умтылмақта. Бүгинги күнде халықаралық жағдайдың тез пәт пенен ѳзгериўи, мәмлекетлераралық қарама-қарсылықлардың күшейиўи, кескинликтиң және де арттырыў, жер жүзиниң түрли регионларына жаңа жәнжел ошақларының пайда болыўы мине усындай кескин маселелер дунья жәмийетшилигинде үлкен тәшўиш ҳәм қаўетерлениў оятпақта. Усындай қубылыслардың ең унамсызы усы күнлери пүткил адамзатты толқынландырып турған терроризм есапланады.
Барлық әлемге белгили, терроризм – жамийет ҳәм мәмлекет таңламайтуғынлығын турмыстың ѳзи кѳрсетпекте. Терроризм улыўма халықаралық байланысларды шийеленистирип, мәмлекеттиң суверенитетин, аймақлық бирлигин бузыў, тынышлығына зыян жеткериў, урыс ҳәм қураллы саўашларды жүзеге келтириў, жәмийетлик-сиясий жағдайды турақластырыўға қарсы қаратылғаны менен қәўипли болып табылады.
Шоманай районы ИИБ ТЭКГТ хызметкери
Капитан А.С.Сапаров