Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ел ардақлаған уллы инсанлар

Ел ардақлаған уллы инсанлар

Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 2-санлы улыўма ҳәм орта билим бериў мектебинде «Ел ардақлаған уллы инсанлар» атамасында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Әдебий кешеге Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Әбилқасым Өтепбергенов, Қарақалпақстан ҳәм Түркменистан халық артисти Бийбираба Өтепбергенова, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрының актрисасы Инабат Жуманиязова, Шоманай районы Жаслар аўқамы районлық Кеңес баслығы Азамат Балабаев, Шоманай районы Руўхый-ағартыўшылық орайы қәнигеси Юсип Сейтжанов, «Шоманай нуры» газетасы журналисти Мийригул Байдуллаева, Шоманай районы Руўхый-ағартыўшылық тәрбия ҳәм балаларды социаллық қорғаў сектор бөлим баслығы Гулшеҳра Темирхановалар қатнасты.

Ушырасыў даўамында Жаслар аўқамы басланғыш шөлкем жетекшиси, районлық Кеңес депутаты ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Олий мажлис нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар  парламенти ағзасы Азамат Қутлымуратов тәрепинен «Китап кеўил гаўҳары» атамасында китаплар акциясы, мектептиң сәрдарлар Кеңесине «Сәрдар ким» атамасында оқыў семинары шөлкемлестирилди. Соның менен бир қатарда спорт жарысларыда ѳткерилди.

Сондай-ақ келген мийманлар менен оқыўшылар арасында ѳткерилген ашық сәўбетлесиў, жаслардың кеўиллеринде ѳзгеше сезим бағышлап, келешектеги мақсетин туўры қойыўға түртки боларлықтай сәўбетлесиў болды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content