Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў әмелге асырылатуғын сораўлар дизими халықты дизимге алыў дәстүри есапланады.
Халықты дизимге алыў дәстүри төмендегилерди өз ишине алады:
фамилиясы, аты, әкесиның аты;
туўылған сәнеси ҳәм орны;
жасы;
жынсы;
миллети;
пуқаралығы;
жасаў орны;
тиллерди билиўи;
мағлыўматы;
неке жағдайы;
балаларының саны;
үй хожалығы дүзилиси;
үй-жай шараятлары;
бәнтлиги;
жасаў ушын қәрежетлери;
миграция (ишки ҳәм сыртқы).
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарына тийкар халықты дизимге алыў дәстүрине қосымша рәўиште басқа сораўлар киритилиўи мүмкин.
Жуўаплары мәмлекет сырларына ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа сырлы мағлыўматларды өз ишине алыўы мүмкин болған, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин бузыўшы сораўлар киритилиўге жол қойылмайды.
Дизимге алыў журналының формалары халықты дизимге алыў дәстүри тийкарында ислеп шығылады ҳәм тастыйықланады.
Шоманай районы статистика бөлими