Бүгин Шоманай районы «Айбүйир» МПЖ аймағында сектор басшыларының кѳшпели қабыллаўы болып ѳтти.
Кѳшпели қабыллаўға Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы И.Абдирахманов, Шоманай районы 4 сектор баслықлары ҳәм «Айбүйир» МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар ҳәм жаслар қатнасты.
Кабыллаўға келген пуқаралар ѳз мүрәжатлерин билдирди ҳәм тийисли қәнигелер тәрепинен ҳуқықый түсиниклер берилди. Жаслар арасынан Худайбергенов Снатдинниң мүрәжати тынланды ҳәм ис ҳақы тѳленетуғын жәмийетшилик жумысқа орналастырылып, орнында унамлы шешимин тапты.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon