Múrájat ushın isenim telefonı

background

АТҚАРЫЎ ИНТИЗАМЫН ТӘМИЙИНЛЕЎДИҢ ЖАҢА СИСТЕМАСЫ ЕНГИЗИЛМЕКТЕ

АТҚАРЫЎ ИНТИЗАМЫН ТӘМИЙИНЛЕЎДИҢ ЖАҢА СИСТЕМАСЫ ЕНГИЗИЛМЕКТЕ

Турмысымыздың барлық тараўларында алып барылып атырған реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы, биринши нәўбетте мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының барлық буўынларында атқарыў интизамының қай дәрежеде шөлкемлестирилиўине тиккелей байланыслы есапланады.

Бул бағдардағы жумысларды тәртипке салыў, барлық дәрежедеги басшылардың жуўапкершилигин асырыў ҳәм қабыл етилип атырған ҳүжжетлерди турмыста орынланыўын тәмийинлеў, артықша мәжилисбазлық ҳәм бюрократиялық тосықларды сапластырыў мақсетинде бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-августтағы 5017-санлы бийлигине тийкар министрликлер, ведомство, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа шөлкемлердиң “Ijro.gov.uz” атқарыў интизамы мәкемелераралық бирден-бир электрон системасына өтиўи тәмийинленди. Президентимиздиң 2018-жыл 5-октябрь күнги 3962-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасы Есап палатасы Өзбекстан Республикасын Президентиниң қарарлары ҳәм тапсырмаларының толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын қадағалап барыўшы, сондай-ақ  “Ijro.gov.uz” системасы бойынша жумысларды муўапықласытырыўшы жуўаплы мәмлекетлик уйым етип белгиленди.

Атқарыў интизамының нәтийжесиз дәрежеде екенлигине киргизилип атырған ҳүжжет жойбарларының жетерли дәрежеде экономикалық, финанслық ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткерилмей атырғанлығы, мәмлекетлик уйымларда атқарыў ҳәм қадағалаў формалары жетилистирилмегенлиги, лаўазымлы шахслардың қабыл етилген ҳүжжетлерди жетерли дәрежеде үйренбей атырғанлығы сыяқлы бир қатар факторлар тәсир етип келмекте.

Бул жағдайларды сапластырыў ҳәмде қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлери орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм мониторинг етиўдиң тәсиршең системасын жаратыў мақсетинде усы жылдың 10-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Нызамшылық ҳүжжетлери орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы 6166-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшилери, Бас министр орынбасарлары, министрлер, мәмлекетлик комитетлердиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар, район ҳәм қалалар ҳәкимлери Пәрман менен тастыйықланған қосымшаларда белгиленген талаплардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы ушын жеке жуўапкер болатуғынлығы ескертилди.

Хош, жаңа Пәрман қандай ўазыйпаларды белгилеп бермекте?

Бириншиден, бир ҳәпте мүддетте усы Пәрман талаплары сөзсиз
ҳәм ҳәр тәреплеме әмелге асырылыўы бойынша анық ҳәрекетлер режелери ислеп шығылыўын ҳәм коллегиал уйымлар мәжилислеринде тастыйықланыў керек екенлиги белгиленди.

Екиншиден, атқарыў интизамын әмелге асырыўда нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар жойбарлары таярланыўы үстинен жеке қадағалаўды шөлкемлестириў, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларды орынлаўшыларға оператив жеткериў, халық арасында ҳәм ғалаба хабар қуралларында түсиндириў, ҳәкимлердиң ҳалық депутатлары Кеңеслери сессияларында есабат бериў әмелиятын енгизиў;

Үшиншиден, электрон мағлыўматлар базасы тийкарында “Ijro.gov.uz” атқарыў интизамы мәкемелераралық бирден-бир электрон системасында өз ўақтында есабат берилиўине итибар қаратыў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар өз ўақтында, толық ҳәм нәтийжели орынланыўын басшылардың жеке сын көз қарасынан анализлеўден ибарат болады. 

Қабыл етилген Президент Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларының әмелге асырылыўы бойынша қадағалаў ҳәм есаплылықты шөлкемлестириў Тәртиплери де тастыйықланды ҳәм орынлаў мүддетлери көрсетилди.

Мәселен, мәмлекетлик басқарыў ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларында Нызамлар, Президент тәрепинен қабыл етилетуғын норматив-ҳүжжетлер ҳәм тапсырмалары 30 минут ишинде дизимнен өткерилиўи ҳәм басшыға жеткерилиўи керек,  егер басқа мүддет белгиленбеген болса 3 күн мүддетте анық орынлаўшылар, мүддетлер ҳәм орынлаў механизми көрсетилген тапсырмаларды таярлаў ҳәмде орынлаўшыларға жеткериўи,  тапсырмалар орынлаў жағдайын ҳәр ҳәптениң жума күни басшының биринши орынбасары жанында, ҳәптениң дүйшемби күни додалап барыўы белгиленген.

Соның менен бир қатарда, 2021-жыл 1-апрельден баслап:

Барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлар ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала ҳәкимликлериниң атқарыў интизамына жуўаплы бөлимлери басшыларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў мәселелери мәжбүрий тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының Атқарыў интизамын тәмийинлеў секторы менен келисиледи.

2021-жыл 1-майдан баслап барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларында орынлаўды қадағалаў, қадағалаў картотекаларын жүргизиў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўы бойынша жыллық мәнзилли
ҳәм тематикалық аналитикалық үйрениўлер бағдарламасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Есап палатасы ҳәмде басқа мәпдар министрликҳәм ведомстволар усыныслары тийкарында ислеп шығылады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығы тәрепинен тастыйықланады.

Соны айрықша атап өтиўимиз лазым, “Ijro.gov.uz” системасы арқалы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўын қадағалаўдың пүткиллей жаңа системасы енгизилмекте.

Яғный, Әдиллик министрлиги бул қадағалаўды “Ijro.gov.uz” системасында алып барады ҳәм “Ijro.gov.uz” системасын жүргизеди, системаға қадағалаўға алынатуғын тапсырмаларды киргизеди, жуўаплы орынлаўшылар ҳәм орынлаў мүддетлерин белгилейди, олар тәрепинен киргизилген мағлыўматлардың толықлығы ҳәм дурыслығын тексереди ҳәмде олардың орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматты ҳәр айда Президент Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизеди.

Өзбекстан Республикасы Есап палатасы “Ijro.gov.uz” системасында жуўаплы орынлаўшылар тәрепинен киргизилип, Әдиллик министрлиги ҳәм Ҳүкимет тәрепинен тексерилген мағлыўматлар толықлығы
ҳәм дурыслығын тексереди ҳәм оларды қадағалаўдан алады.

Соның менен бир қатарда, Әдиллик министрлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүклетилип, олар:

● нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының өз ўақытында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийнлеў бойынша мәнзилли ҳәм тематикалық таллаў (анализ) үйрениўлерди алып барыў ҳәм орынлардағы жағдай мониторингин жүритиў;

● мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўын тәмийинлеў бойынша искерлигин ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда “Президент қарарлары – турмыста ҳәм қадағалаўда” атамасында жарытыў ҳәм додалаў жумысларын шөлкемлестириў;

● нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының әмелде орынланыўына тосқынлық етип атырған машқалалар ҳәм факторларды анықлаў;

● мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерине нызам ҳүжжетлери
ҳәм тапсырмалар орынланыўы бойынша ҳуқықый-методикалық көмеклесиўден ибарат.

Атқарыў интизамына қатаң әмел етиў, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, “Ijro.gov.uz” системасына зәрүр мағлыўматларды өз ўақтында киргизбеў ямаса надурыс мағлыўматларды киргизиў, сондай-ақ бул бағдарда Әдиллик министрлиги көрсетпелерин өз ўақтында ямаса лазым дәрежеде орынламаў нызамшылыққа муўапық интизамий, ҳәкимшилик ҳәм басқа жуўапкершилик шараларын қоллаўға тийкар болатуғынлығы белгилеп берилди. 

Әлбетте, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар, қабыл етилип атырылған ҳүжжетлердиң нәтийжесин ҳәр бир инсан өз турмысында сезиўи ушын қабыл етилип атырған ҳүжжетлер орынланыўы өз ўақтында ҳәм нәтийжели тәмийинлеўи лазым. 

Солай екен, барлық мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерди атқарыў интизамына қатаң әмел етиўге шақырып қаламыз.

Шоманай районы ǝдиллик бѳлими бас мǝслǝҳǝтшиси Е.Канназаров

Skip to content