Сонғы жылларда мәмлекетимизде нызамшылықты беккемлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда унемли системаны жаратыў ҳәмде суд-ҳуқық тараўында заманагөй хабар-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша салмақлы ислер әмелге асырылды.
Әсиресе, пуқаралық, экономикалық ҳәм жынайый процессте ислерди әпиўайыластырылған тәртипте көриў әмелияты, сондай-ақ, заманагөй хабар-технологияларынан пайдаланған ҳалда мүрәжаат етиў ҳәмде суд ислерин электрон қәлиплестириў механизмлери енгизилди.
Соның менен бирге, нызамшылықта ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа тийисли тез шешиў ушын хабар-коммуникация технологияларынан кең пайдаланыў имканиятын беретуғын ҳуқықый механизм жоқ.
«Илим, ағартыў ҳәм санлы экономиканы рауажландырыў жылы»нда әмелге асырылып атырған реформалардың логикалық изшиллигин тәмийнлеў, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер журитиўин санластырыў, сол қатардан заманагөй хабар-коммуникация технологияларың кең енгизиў арқалы усы ислерди көрип шығыўда артықша әўерегершиликке жол қойылыўының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер кабинети 2020-жыл 24-июнь куни «Ҳуқықбузарлықлардын алдын алыўда заманагөй хабар-коммуникация технологияларынан кең пайдаланыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы 407-санлы Қарары қабылланды.
Қарар менен:
ҳақимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди корип шығыў ҳәм баянлама дузиўге ўәкилликли органлар, судлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы, сондай-ак, басқа да шөлкемлердиң электрон хабар системалары ҳәм мағлыўматлар базаларын интеграцияластырыў;
ҳәкимшилик ҳуқыкбузарлыққа тийисли ис журитиўде пайдаланатуғын процессуал ҳужжетлердиң бирден бир электрон базасын қәлиплестириў;
ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа тийисли ислерди журитиўде артықша басқышларды бийкар етиў ҳәм муддетлерди қысқарттырыў арқалы ис журитиў тәртибин әпиўайыластырыў;
автоматластырылған дактилоскопик салыстырыў дизими, шахсын идентификация қылыўдың автоматластырылған дизими ҳәмде Биометрик паспорт дизимин модернизация қылыў сыяқлы жойбарлар бақышпа-басқыш әмелиятта енгизиў ҳаққындағы усынысына разылық берилген
Жойбарды Ташкент қаласы аймағында әмелге асырыў шеңберинде төмендегилерди нәзерде тутыўшы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди журитиўдиң апиўайыластырылған тәртибин қоллаў нәзерде тутылған:
ўәкилликли лаўазымлы шахс ҳуқықбузарлықты анықлаўы менен биргеликте ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди рәсмийлестириў ҳәм көрип шығыў ушын арнаўлы дәстүрли тәмийнат орнатылған мобил қурылма (кейинги орынларда — планшет) арқалы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баянламаны дузеди ҳәм ҳуқықбузарға хабар-телекоммуникация тармағы арқалы усы баянламаның электрон яки қағаз формасын усынады;
баянламаны дузиўши лаўазымлы шахс ҳуқықбузардың биометрик ҳужжетлерин планшет жәрдеминде яки жүз дүзилисин сүўретке алып, бармақ излерин түсириў арқалы реал ўақыт режиминде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги базасынан оның шахсын анықлайды;
ҳуқықбузар баянламада көрсетилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты өзи қылғанлығына қарсылық билдирмеген жағдайда, ол баянламаны планшеттеги арнаўлы сканерлеўши ускене арқалы бармақ излерин тусириў жолы яки электрон график қол таңбасы менен тастыйықлайды. Ҳуқықбузар өзиниң физикалық нуқсаны себепли баянламаны оқыў яки қол қойыў имканиятына ийе болмаса, баянлама оқып еситтириледи ҳәм ўәкилликли лаўазымлы шахс тәрепинен бул ҳаққында баянламаға белги қояды;
ҳуқықбузардың тайынланған жәрийма суммасын ыхтыярый рәўиште төлегенлиги хаққында мағлыўмат жойбарды Ташкент қаласы аймағында әмелге асырыў көлеминде жаратылатуғын электрон базаға баянлама тапсырылған сәнеден баслап 15 күн ишинде келип туспеген жағдайда, баянлама автоматик рәўиште ҳәкимшилик ҳуқықбузарлык ҳаққындағы исти улыўма тийкарларда көрип шығыў ушын тийисли ўәкилликли органға яки судқа жибериледи;
Соның менен, қарарға тийкар ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы истиң әпиўайыластырылған тәртипте жүритилиўине ҳуқықбузар яки жәбирлениўшиниң қарсылығы болғанда;
исленген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын белгиленген санкцияда жәрийма жазасынан басқа турдеги ҳәкимшилик жаза қоллаў нәзерде тутылған болса;
шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды Өзбекстан Республикасы аймағынан ҳәкимшилик тәризде шығарып жибериў менен байланыслы болған ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислер көрип шығылып атырғанда;
ис бойынша материаллық ҳәм руўхый зыян көрген тәреп яки оның ўәкили зыянды өндириўди талап қылған жағдайда;
ҳәкимшилик ҳуқуқбузарлық ислеген шахслардан ҳеш болмағанда биреўи ҳуқуқбузарлық ислегенлигинен бас тартқанда ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер әпиўайыластырылған тәртипте жүритилмейди:
Бир жыл даўамында тәкирар садыр етилиўи ақыбетинде жынайый жуўапкершилик келип шығыўы нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар бойынша әпиўайыластырылған тәртипте жүритилип атырған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы исте шахстың алдын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа тийисли жуўапкершиликке тартылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматты дәрриў алыўдың имканияты болмаса, ис журитиў тийисли мағлыўматлар алынғанға шекем улыўма тәртипте даўам еттириледи.
2021-жыл 1 ноябрьге шекем ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди журитиўдиң әпиўайыластырылған тәртибин республиканың басқа аймақларында қоллаў нәзерде тутылған.
Қоңырат районлар аралық
экономикалық суды баслығы А.Ш.Аяпов