Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў тәртиби

Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў тәртиби

Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў респондентлер жасайтуғын турақ жайларды ҳәм басқа хожалықларды айланып шығыў ўақтында яки жергиликли ҳәкимият органлары тәрепинен усы мақсетлер ушын берилетуғын ханаларда респондентлер сораўнама өткизиў ҳәмде дизимге алыў журналларын толтырыў арқалы әмелге асырылады.

Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў ҳәм оның қәўипсизлигин тәмийнлеў талапларын есапқа алған ҳалда мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў арқалы ҳәм әмелге асырылыўы мүмкин.

Респондентлер сораўнамасы мәмлекетлик тилде өткизиледи. Мәмлекетлик тилди билмейтуғын респондентлер ана тилинде яки еркин рәўиште таңланған тилде сораўнама өткизилиўи мүмкин.

Дизимге алыў журналы дизимге алыўшы хызметкерлер тәрепинен респондентлердиң сөзлери тийкарында толтырылады.

Халықты дизимге алыўды өткизиў мүддети ишинде жасап турған жайында ҳәзир болмаған шахслар ҳаққындағы шахсқа тийисли мағлыўматлар олардың хожалығында  жасаўшы ағзалары тәрепинен усынылады.

Респондент дизимге алыў журналындағы сораўларға жуўап берииўди бас тартқан  жағдайда дизимге алыў журналы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары яки жергиликли ҳәкимият органларындағы мағлыўматлар тийкарында толтырылады.

Халықты дизимге алыў дәстүринде нәзерде тутылмаған сораўлар бойынша шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў қадаған етиледи.

Шоманай районы статистика бөлими

Skip to content