Múrájat ushın isenim telefonı

background

Спортшылар менен ушырасыў

Спортшылар менен ушырасыў

Шоманай районы «Дийханабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 9-санлы мектепте спортшылар менен ушырасыў кешеси шѳлкемлестирилди. Ушырасыўға Ѳзбекстан Мәмлекетлик дене-тәрбия ҳәм спорт университети Нѳкис филиалы улыўма кәсиплик пәнлер кафедрасы баслығы А.Елмуратова, асистент оқытыўшы Б.Алламбергенова, Волейбол спорты устасы Б.Табынбаев,  Кураш спорт түри бойынша Ѳзбекстан чемпионы Университеттиң 1-курс студенти Н.Абдираманова ҳәм Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси баслығы А.Балабаевлар қатнасты.

Ушырасыў даўамында Ѳзбекстан Мәмлекетлик дене-тәрбия ҳәм спорт университети Нѳкис филиалында студентлер ушын жаратылған имкәниятлар, студентлер жаслар тәрепинен ерисилген жетискенликлер ҳаққында сѳз етилди. Кураш спорт түри бойынша Ѳзбекстан чемпионы Н.Абдираманова тәрепинен оқыўшылар ушын мастер класс шѳлкемлестирилди.

Ушырасыў соңында оқыўшылар Ѳзбекстан Мәмлекетлик дене-тәрбия ҳәм спорт университети Нѳкис филиалы студент жасларының қолға кириткен жетискенликлери менен танысты.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content