Múrájat ushın isenim telefonı

background

Салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ислегенлик ушын жуўапкершилик ҳәм қолланылатуғын жеңилликлер

Салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ислегенлик ушын жуўапкершилик ҳәм қолланылатуғын жеңилликлер

Хожалық жүргизиўши субъектлердиӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда экономикалық судлардыӊ орны ҳәм әҳмийети оғада үлкен. Әсиресе, исбилерменлик субъектлери ҳәм қадағалаўшы уйымлар ортасында жүзеге келетуғын даўлар усы суд тәрепинен көрип шығылады.

Бундай даўлардыӊ бири, яғный хожалық жүргизиўши субъектлерге ҳуқуқый тәсир шараларын, соныӊ ишинде финанс жәриймаларын қолланыў ҳаққындағы ислер де Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2005-жыл 14-июньдағы «Исбилерменлик субъектлерин ҳуқықый қорғаў системасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПФ-3619-санлы Пәрманына муўапық 2005-жылдыӊ 1-июлинен баслап хожалық судында, ҳәзирги экономикалық судларда көрилетуғын болды.

Финанс жәрийма (санкция) ҳаққында түсиник жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 218-статьясында берилген болып, оған тийкар, финанс санкциялар салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершилик шарасы болып есапланады.

Финанс санкциялар усы Кодекстте нәзерде тутылған муғдарларда белгиленеди ҳәм пул өндириў (жариймалар) тәризинде қолланылады.

Кодексте салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершиликти жеңиллестириўши жағдайлар деп:

– жеке яки шаңарақлық жағдайлары аўыр кешиўи ақыбетинде салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын;

– қорқытыў яки мәжбүрлеў тәсиринде ямаса материаллық, хызмет яки басқа тәрептен бағынышлылық себепли салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын;

– суд яки исти көрип атырған салық органы тәрепинен жуўапкершиликти жеңиллестириўши деп табылыўы мүмкин болған басқа жағдайлар нәзерде тутылған.

Жуўапкершиликти жеңиллестириўши усы жағдайлардың ҳеш болмаса биреўи анықланса, жәрийма муғдары усы Кодекстиң тийисли статьясында белгиленген муғдарға салыстырғанды еки мәрте кемейтириледи.

Сондай-ақ анықланған салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлардағы айыбын мойнына алғанда ҳәм салық органының салыққа байланыслы ҳуқуқбузарлық ушын жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы қарары алынған күннен баслап он күнлик мүддетте финанс санкциялар суммасы ықтыярый төленгенде де жәрийма жоқарыдағы норма қолланылып, жәрийма муғдары еки есеге кемейтириледи.

Соныӊ менен бирге, Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 19-бәнтине тийкар арза бериўши ҳәм жуўапкер ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша мәмлекетлик бажы пул төлеўден азат етиледи.

Исбилерменлик субъектлериниӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын еле де реформалаў, оларға кеӊ имкәниятлар жаратып бериў елимиз экономикасыныӊ тез пәт пенен раўажланыўына ҳәм халқымыздыӊ гүллеп-жаснаўына түртки болады.

Қоңырат районлар аралық

экономикалық суды баслығы Аяпов Алишер Шарапатдинович

Skip to content