Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мәҳәлле хызметкерлери ушын психологик тренинглер шѳлкемлестирилмекте

Мәҳәлле хызметкерлери ушын психологик тренинглер шѳлкемлестирилмекте

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-октябрдеги
ПП-5843-санлы Пәрманы ҳәмде ПП-4472-санлы қарарында мәмлекет органлары ҳәм шѳлкемлер хызметкерлериниң социаллық-психологик жағдайын үйрениў ҳәм мийнет топарларында орталық жаманласыўына имкән жаратқан шәрт-шарятларды анықлаў ҳәмде оларды сапластырыў Ѳзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекет хизметин раўажландырыў агентлигиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында кѳрсетилип ѳтилген.

Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүрәжатнамасында буннан кейин бәрше мәмлекет шѳлкемлери ѳз жумысын  “мәҳәллебай” усылында амелге асырыўы лазымлығы белгиленген еди.

         Усы Пармән ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы филиалында психологик топар қәлиплестирилди ҳәмде усы жылдың март айы ис- режесине муўапық аўыр аймаклардағы мәҳәлле пуқаралар жыйынлары хызметкерлери ушын психологик топар қәнигелери қатнасында әмелий психологик тренинглер шѳлкемлестирилмекте.

         Усындай тренинглер Шоманай районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлиминде мәҳәлле пуқаралар жыйынлары хызметкерлери ушын шѳлкемлестирилди. Бунда психолог-қәнигелер тәрепинен ѳткерилген шынығыўлар арқалы, қатнасыўшыларда машқалалы жағдайлар нәтийжесинде жүзеге келетуғын унамсыз эмоционал жағдайларды сапластырыў жоллары менен танысыў, қыйын жағдайдан шығыў, саналы қарар кабыл етиў, қәбилетин ҳәм кѳнликпелерин раўажландырыў, ашық сәўбетлесиўде ѳз-ара қоллап-қуўатлаўға умтылыўын раўажландырыў, физикалық ҳәм ойлаў қыйыншылығын кемейттириў, топарда ислеў кейпиятын жаратыў киби тәжирийбе ҳәм кѳнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған түсиниклер берилди.

Усындай психологик семинар-тренинглер республиканың аўыр аймаққа кирген бәрше Аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында ѳткериў режелестирилген.

Шоманай районы ҳакимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content