Múrájat ushın isenim telefonı

background

Контрактация шәртнамасын бузғанлық ушын жуўапкершилик

Контрактация шәртнамасын бузғанлық ушын жуўапкершилик

Елимизде раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесин итибарға алған ҳалда аўыл хожалығында фермерликке кең жол ашылды. Бул тараўды раўажландырыў ушын көплеп Нызамлар, нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилмекте.

Контрактация шәртнамасы алды-сатты шәртнамасының түрлеринен бири болып, оған муўапық аўыл хожалығы өнимин жетистириўши аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў яки сатыў ушын бундай өнимди сатып алатуғын шахсқа-таярлаўшыға шәртлесилген мүддетте тапсырыў мәжбүриятын алады, таярлаўшы болса өнимди қабыл қылыў, оның ҳақысын шәртлесилген мүддетте белгили баҳада төлеў мәжбүриятын алады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 466-статьясына муўапық, аўыл хожалығы өнимин жетистириўши жетистирген аўыл хожалығы өнимин таярлаўшыға контрактация шәртнамасында нәзерде тутылған муғдар ҳәм ассортиментте тапсырыўы шәрт.

Аўыл хожалығында шәртнама мәжбүриятларын орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын жуўапкершиликтиң ҳуқықый тийкарлары ишинде Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси айрықша орын тутады.

Усы Кодексте мәжбүриятларды орынлаў, мәжбүриятлардың орынланыўын тәмийинлеў, мәжбүриятларды бузғанлық ушын жуўапкершилик сыяқлы бапларында мәжбүриятлардың мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында ис қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы, неустойка, оның түрлери, қарыздардың зыянды төлеў мәжбүрияты, мәжбүриятларды бузғанлық ушын жуўапкершилик тийкарлары, жуўапкершиликтен азат етиў тийкарлары ҳәм басқа мәселелер сәўлелендирилген.

Шәртнама мәжбүриятын орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын жуўапкершилик дегенде, шәртнама бойынша жүзеге келген мәжбүриятларды улыўма орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған тәрепке қолланылатуғын мәжбүрий тәсир шаралары түсиниледи.

Мәжбүриятларды бузғанлық ушын қолланылатуғын жуўапкершилик қағыйда бойынша шәртнамалық характерге ийе болғанлығы себепли, шәртнамалы жуўапкершилик деп аталады.

Аўыл хожалығы тараўында шәртнамалар бойынша тәреплердиң жуўапкершилиги Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң
324-339-статьялары талапларына муўапық белгиленеди.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбүриятты орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап бериўи белгиленген.

Экономикалық судларында аўыл хожалығы тараўында контрактация шәртнамалары мәжбүриятларын орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы бойынша пайда болатуғын көплеген даўлар көрип шығылады.

Бул даўлардың пайда болыўына тийкарынан аўыл хожалығы өнимин жеткерип бериўшилер тәрепинен таярлаўшыға белгиленген мүддетте ҳәм белгиленген көлемде жеткерип бермегенлиги себеп болса, ал айырым жағдайларда, таярлаўшы кәрханалар тәрепинен жеткерип берилген өнимлердиң ҳақысын төлемегенлиги ямаса оны төлеўден бас тартқанлығы себеп болмақта.

Қарақалпақстан Республикасыэкономикалық суды судьясы:Г.Ешназарова

Skip to content