Мәмлекетимиз тәрепинен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасында бюрократиялық тосықларды сапластырыў, исбилерменлик орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, заманагөй талапларға жуўап бермейтуғын рухсат бериў ҳәм лицензиялаў тәртип-қағыйдаларын, статистикалық, финанс ҳәм салық есабатларын қысқартыў, оларды усыныс етиў механизмлерин жетилистириў арқалы қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, олар искерлигине кең еркинлик бериў ис-иләжлары избе-излик пенен әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, бул бағдардада айырым түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди, ҳәкимшилик процедуралардан өтиў мүддетлери сезилерли рәўиште қысқартылды, пуқаралардың өзи-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен берилетуғын бир қатар мағлыўматнамалар бийкар етилди.
Мәмлекетимиз тәрепинен бул тараўда алып барылып атырған сиясатының және бир айқын мысалы сыпатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-март күнги “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПП-6191-санлы Пәрманы болып табылады.
Пәрманға муўапық 2021-жыл 1-июньнен баслап:
-пуқаралардың турақлы (ўақтынша) дизимнен өткен орнына қарамастан пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў, некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў ҳәм сырт елге шығыў биометрик паспортын рәсмийлестириў экстерриториал принципи тийкарында әмелге асырылады;
-нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда пуқаралық ҳалаты акт жазыўлары менен байланыслы барлық мағлыўматлар нотариал кеңселер тәрепинен ғәрезсиз түрде, пуқаралардан артықша мағлыўмат талап етилместен, “ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви” мәлимлеме системасы арқалы алынады;
-исбилерменлик субъекти болған юридикалық шахсларға мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын белгиленген жыйым ҳәм мәмлекетлик бажы төлемлерин төлеўде юридикалық шахстың ўәкили тәрепинен нақ пул түринде төлемди әмелге асырыўға рухсат бериледи;
-сырт ел коммерциялық шөлкемлердиң Өзбекстан Республикасы аймағындағы ўәкилхана хызметкерин аккредитация етиўде онда адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы кеселлиги жоқлығы ҳаққындағы сертификатын талап етиў тәртиби бийкар етиледи;
-мәмлекетлик хызметти көрсетиў нәтийжесинде берилетуғын ҳүжжетлер QR-код (матрик штрихлы код) қойыў арқалы берилгенде олардың дубликатларын бериў тәртиби бийкар етиледи. Бунда, усы ҳүжжетлер электрон түрде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы шекленбеген муғдарда бийпул алынады.
Соның менен бирге 2021-жыл 1-июньнен баслап мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мекемелери тәрепинен пуқаралардан, соның менен бирге исбилерменлик субъектлеринен төмендеги ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етиледи:
-руўхый кеселликлер бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнама;
-наркология бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнама;
-судланғанлық ҳаққында мағлыўматнама;
-мәнзил-мағлыўмат мәлимлемеси;
-пуқараның атында жеке турақ жай бар яки жоқлығы ҳаққында мағлыўматнама;
-турақ жайдың майданы ҳаққында мағлыўматнама;
-салық қарызы бар яки жоқлығы ҳаққында мағлыўматнама;
-салық төлеўши физикалық шахслардың мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойылғанлығы ҳаққында мағлыўматнама;
-пенсия ҳәм напақа муғдары ҳаққында мағлыўматнама;
-пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар яки жоқлығы ҳаққында мағлыўматнама;
-неке дизимге алынғанлығы, некеде турмаўы яки некеден ажырасқанлығы ҳаққында мағлыўматнама;
-шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы;
-шахстың белгиленген үлгидеги фотосүўрети;
-медициналық-социаллық эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары;
-мийнет дәптершелери ҳәм олардың нусқалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);
-мийнет ҳақы ҳәм мийнет стажын, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мекемесинде оқығанлықты тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);
-кадастр ҳүжжетлери ҳәм олардың нусқаларын талап етиў.
Усы ҳүжжет яки мағлыўматлардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен пуқаралардан талап етилиўи мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузыў деп есапланады.
Сондай-ақ, усы Пәрманға муўапық:
-2021-жыл 1-майдан баслап сырт елге шығыў биометрик паспортын рәсмийлестириў ушын арза-анкетаны ҳәм мәмлекетлик бажы төлемин электрон тәризде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиў имканиятын жаратыў;
-2021-жыл 1-июньнен баслап 16 жасқа толған шахсларға идентификация ID-карталары бериў, оларды мәмлекетлик салық хызмети уйымларында салық төлеўши сыпатында есапқа қойыў ҳәмде пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасында есапқа қойыў менен бир ўақыттың өзинде әмелге асырыў системасын енгизиў;
-2021-жыл 1-июльден баслап салық уйымларында салық төлеўшилердиң есабын жүритиўде физикалық шахстың жеке идентификация номеринен пайдаланған ҳалда әмелге асырыўға өтиў белилеп қойылды.
Бунда, салық төлеўшиниң идентификация номерин бериў ҳәм пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасына есапқа қойыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бийкар етиледи.
-2021-жыл 1-июньнен баслап:
Агентлик юридикалық шахсларды (мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, банклер ҳәм кредит бюроларынан тысқары) мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша бирден-бир ўәкилликли уйым есапланады;
-мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, юридикалық шахслар бирлеспелери, бағшылық-жүзимгершилик ширкетлери, тутыныў, өндирислик ҳәм аўыл-хожалығы кооперативлери ҳәмде адвокатлық структураларды мәмлекетлик дизимнен өткериў мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен әмелге асырылады.
Буның бәршеси пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлеринен мәмлекетлик уйымлар, жергиликли ҳәкимиятлар ҳәм басқада мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен ескирген бюрократиялық процедуралар, соның ишинде электрон система арқалы алыў имканияты бар болған мағлыўматларды қағаз көринисинде сорап алыў, жумысты шөлкемлестириў ушын зәрүр болмаған артықша ҳүжжетлерди талап етиў нәтийжесинде пайда болатуғын әўерегершиликлерди, қәтерелерди сапластырыўға қаратылған яғный Ҳүрметли Президентимиз атап өткениндей «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» принципи тийкарында Мәмлекетлик хызмет көрсетиўди еледе жетилистириўге хызмет қылады.
Шоманай районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы бас қәнигесиТ.Даўлетмуратов