Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ботулизм кеселлигинен сақланайық

Ботулизм кеселлигинен сақланайық

Азық-аўқат өнимлеринен зәҳәрлениўлериниң ишинде жүдә аўыр кешетуғын кеселликлеринен бир ботулизм кеселлиги болып есапланады.

Ботулизм таяқшасы анаэроб, яғный кислородсыз шараятда өсетуғын микроблар семьясына киреди. Бул микроблар спора (қабық) пайда қылыў қәсийетине ийе болғанлығы ушын сыртқы орталық тәсирлерине жүдә шыдамлы болып, қайнатқанда да өлмейди, 120о С температурада 30 минутта, спорасы 20% зәрерсизлендириўши формалин тәсиринде 24 саатда жансызланыўы мүмкин. Бул микроб токсини асқазан-ишек ширеси тәсиринде өз күшин жоғалтпайды, ол қанға сорылып, инсан организмин зәҳәрлейди. Ботулизм бактериясы сыртқы орталықта қурғақ шараятда, топрақта узақ жылларға шекем сақланады.

Ботулизм кеселлиги тийкарынан үй шараятында таярланған дүдленген балық ҳәм гөш, палыз ҳәм мийўе консерваларын қабыл қылыў ақыбетинде келип шығады. Халық арасында ботулизм менен кеселлениў тийкарынан ноябрь айынан басланып, май айына шекем, яғный үй шараятында таярланған консерва өнимлерин қабыл қылыў ўақтында жүз береди. Ботулизм менен кеселлениў жағдайлары анализ қылынғанда, тийкарынан үй шараятында таярланған маринадланған қыяр, помидор, патиссон, бурыш, замаррық, капуста консервалары, бақлажан икрасы ҳәм дүдленген балық киби өнимлерди қабыл қылыў кеселлик келип шығыўына себебши екенлигин көрсетпеқте.

Кеселликтиң клиник белгилери тосаттан басланип, наўқаслар кеселлик басланған ўақытты айырым жағдайларда ғана анық айта алады. Ботулизм ҳәлсизлениў, бас аўырыў, аўыз қурыўы менен басланады. Базыда кеўил айныўы, қайт қылыў, бас айланыўы ҳәм 1-2 мәрте иштиң суйық кетиўи киби кеселлик белгилери қысқа ўақыт гүзетиледи. Буннан тысқары, төс суйеги артында аўырыў гүзетилип, тез-тез кекириў пайда болады. Қайт қылыў ҳәм иш кетиўи қысқа ўақыт даўам етип, неврологик белгилер басланғанынан соң әдетте жоғалады. Иш кетиўи тоқтап, иш қатыўы жүзеге келеди, асқазаннан азықлық зат эвакуациясы астелесип, ҳәтте тоқтап қалыўы мүмкин. Көз алдында ”думан”, ”перде” пайда болыўы, бир буйым екеў болып көриниўи, көз тараўының ҳәрекети шеклениўи, қарашықлар кеңейип, көз қабақларының еки тәреплеме қысылыўы, жутыныўдың қыйынласыўы яки улыўма әмелге аспай қалыўы, даўыс өзгерип пәсийип барыўы ҳәм тынықлығы жоғалыўы, аўыр жағдайларда болса наўқастың сөзлерине түсинип болмаслық киби кеселликтиң неврологик белгилери анық қөринеди.

Ботулизм менен кеселлениўдиң алдын алыў ушын төмендеги әпиўайы қағыйдаларға әмел етиўиңизди усыныс етемен:

– Базарларда ҳәм халық көп топланатуғын жерлерде пуқаралар тәрепинен үй шараятында таярланып, нызамсыз сатып атырған, сыпаты кепилленбеген дүдленген гөш ҳәм балықларды ҳәмде палыз-мийўе консерва өнимлерин сатып алмаң. Жеке хожалықларда таярланған бул киби өнимлер кеселлик келтирип шығаратуғынлығын умытпаң;

– Азық-аўқат дүканынан гөш, балық, замаррық ҳәм палыз-мийўе консерва өнимлерин ҳәмде дүдленген гөш ҳәм балық өнимлерин сатып алыўдан алдын сол өнимлердиң жарамлылық мүддетлери ҳәм жарамлылық сертификатлары барлығына итибар бериң;

Дүканлар ҳәм базарлардан сақлаў мүддетлери өткен, жарлықлары жоқ, ыдыслардың пүтинлиги бузылған, қақпақлары исинген ҳәмде жарамлылық сертификатына ийе болмаған консерва өнимлерин сатып алмаң;

Өзиңизде яки жақынларыңызда кеселликтиң жоқарыда жазылған белгилерин сезсеңиз, тезлик пенен жақын медицина бирлеспесине мүражаат етиўди умытпаң. Емлеўханада өз ўақтында көрсетилген медициналық жәрдем наўқастың саўалып кетиўине имкан береди.

Шоманай районы СЭТҳЖС бөлими Санитария врачы  А.Сапарниязов

Skip to content