Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 44-статьясына муўапық, ҳǝр бир шахсқа өз ҳуқық ҳǝм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мǝмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар, жǝмийетлик бирлеспелердиӊ нызамсыз ҳǝрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди.
Өзбекстан Республикасыныӊ “Судлар ҳақкында”ғы Нызамыныӊ 3-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасында ǝдил судлаў тек ғана суд тǝрепинен ǝмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 15-статьясына муўапық, нызамлы күшине кирген суд ҳүжжетлери барлық мǝмлекетлик уйымлар, пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары, басқа уйымлар, жǝмийетлик бирлеспелер, кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳǝм пуқаралар ушын мǝжбүрий есапланады ҳǝмде бул ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасыныӊ барлық аймағында орынланыўы лазым.
Суд ҳүжжетлерин орынламаслық усы Кодексте ҳǝм басқа нызамларда белгиленген жуўапкершиликке себеп болады.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тǝрепинен суд қарарларыныӊ орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде өз ўақтында орынлаў ҳүжжетлерин орынлаўға қаратыў, орынлаў ҳүжжетлериниӊ орынланыўы жағдайын анализлеў, орынланыў жағдайлары бойынша салыстырмалы дǝлалатнамалар дүзиў, орынланбаған орынлаў ҳүжжетлери бойынша тийисли тǝртипте усыныслар киритиў сыяқлы жумыслар турақлы түрде ǝмелге асырылып келинбекте.
Нǝтийжеде, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тǝрепинен 2020-жылда даўамында суд қарарлары бойынша жǝми 32.519.728.117сўмлық 4733 орынлаў ҳүжжетлери орынлаўға қаратылған болып, соннан 21.074.277.260 сўмлық 2919 орынлаў ҳүжжетиниӊ орынланыўы тǝмийинленди.
Жуўмақластырып айтатуғын болсақ, экономикалық судлар тǝрепинен экономикалық суд ислеринде ҳуқықлары бузылған шахслардыӊ суд арқалы ҳуқықларыныӊ тиклениўи тǝмийинленбекте.
Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ экономикалық ислер бойынша судьясы С.Ниязов