Кредит дегенде, өз ийелигинде ўақтынша бос турған пул қаржыларын басқалар тǝрепинен мǝлим мүддетке ҳақы төлеў шǝрти менен қарызға алыў ҳǝм қайтарып бериў бойынша келип шыққан қатнасықлар түсиниледи. Усы қатнасықлар кредит шǝртнамасы менен тǝртипке салынады.
Кредит шǝртнамасы жазба түрде дүзилиўи шǝрт. Жазба түрине ǝмел етпеслик кредит шǝртнамасыныӊ ҳақыйқый болмаслығына алып келеди. Бундай шǝртнама өз-өзинен ҳақыйқый болмайды.
Кредит шәртнамасынан келип шығатуғын қатнасықлар Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси, гиреў, ипотека, банклар ҳәм банк искерлиги ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының нызамлары, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының басқа нызам ҳүжжетлери менен тәртипке салынады.
Кредит шәртнамасы суд тәртибинде тәреплерден бириниң талабы менен басқа тәреп тәрепинен шәртнама шәртлери қопал рәўиште бузылғанда яки жағдай айтарлықтай өзгергенде, сондай-ақ нызам яки шәртнамада нәзерде тутылған басқа жағдайларда өзгертилиўи яки бийкар етилиўи мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумыныӊ «Кредит шәртнамаларынан келип шығатуғын миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлеў туўралы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 2006-жыл 26-декабрь күнги қарарының 4-бәнтинде, жоқары пайыз ставкаларын белгилеў, кредитти қайтарыў яки пайыз төлеўди кеширтиргени ушын жәрийма санкцияларын қоллаў, кредит валютасы курсының өзгериўи кредит шәртнамасының тәреплерден бириниң талабы менен суд тәртибинде өзгерттирилиўи яки бийкар етилиўине алып келетуғын жағдайдың айтарлықтай өзгериўи деп есапланыўы мүмкин емеслиги түсиндирилген.
Кредит қаржыларын өндириў ҳаққындағы талаплардан келип шығатуғын тартысларды көриўде гиреў, кепиллик шәртнамалары ҳәм де кепиллик, өз-өзинен ҳақыйқый болмаған питимлерден тысқары, оларды ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққында тийисли даўалар бар болған жағдайда ғана ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин.
Миннетлемениң орынланыўын тәмийинлеў ҳаққындағы келисимниң ҳақыйқый емеслиги тийкарғы миннетлемениң ҳақыйқый емеслигине алып келмейди. Ал, тийкарғы миннетлемениң ҳақыйқый емеслиги оның орынланыўын тәмийинлейтуғын миннетлемениң ҳақыйқый емеслигине алып келеди.
Қарақалпақстан Республикасы судыныӊэкономикалық ислер бойынша судьясы:С.Ниязов