Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-апрель күнги ПҚ-3651-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 30-июль күнги 595-санлы қарарына тийкар, усы жылдың 23-март күни жеке исбилермен Азиза Сейдабуллаева райондағы 1-секторға қараслы «Моншақлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан «Балажан» атындағы шаңарақ мәмлекетлик-жеке шериклик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестирип, салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Ашылыў мәресимин Шоманай районы ҳәкими орынбасары А.Қайпназаров ашып берди. Ол өз сөзинде жаслар сиясаты, жеке исбилерменлик, балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамырап алыўды күшейтиў, исбилерменликти раўажландырыў ҳаққында қысқаша айтып өтти. Жәнеде ашылыў кешесине Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў Министирлиги қәнигелери Г.Аметова ҳәм П.Оразалиевалар қатнасты.
3 адамды жумыс пенен бант еткен бул шаңарақ мәмлекетлик-жеке шериклик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин ашыўда, исбилермен ѳз есабынан 20 млн сўм қаржы ажыратып оңлаў жумысларын әмелге асырған, балаларға зәрүр болған инвентарлар мәмлекет тәрепинен берилген. Ол жерде балалар майданшасы, раўажландырыўшы бес орай яғный, қурыў жасаў ҳәм математика, суўретли роли ойынлар ҳәм саҳналастырыў, тил ҳәм сѳйлеў, пән ҳәм тәбият, кѳркем ѳнер орайлары шѳлкемлестиилген болып, 22 тәрбияланыўшы балаларға тәжирийбели тәрбияшылар тәрепинен үйретип келинбекте дейди жеке исбилермен Азиза Сейдабуллаева.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлем хызмети.
@shomanay_rayon