Сынаў тәризинде халықты дизимге алыў 2021-жыл 1-25-ноябрь күнлери таңлап алынған аймақларда өткизиледи. Сынаў тәризинде дизимге алыўдың анық ўақты 2021-жыл 1-ноябрь саат 00:00 етип белгиленди. 2021-жыл 1-ноябрь саат 00.00 ден кейин жүз берген демографиялық жағдайлар нәтийжелери дизимге алыў журналы формаларына киритилмейди.
Сынаў тәризинде халықты дизимге алыў дәстүри қарардың жойбарына көрсетилген сораўлардан ибарат Сынаў тәризинде халықты дизимге алыў төмендеги мүддетлерде өткезиледи:1-5-ноябрь күнлери интернет тармағы арқалы халықты дизимге алыў (5 күн);
6-10-ноябрь күнлери интернет тармағы арқалы дизимнен өткен респондентлер ҳәм олардың үй мәнзиллери дизимин дүзиў (5 күн);11-22-ноябрь күнлери халықты дизимге алыў журналы формалары тийкарында үйме-үй жүрген ҳалда халықты дизимге алыў (12 күн, пуқаралық-ҳуқуқый түрдеги шәртнамаға тийкар);
23-25-ноябрь күнлери-ҳәр бир есап участкасындағы үй-жай мәнзиллериниң 10 пайызын таңланба рәўиште қадағалаў гүзетиўи тийкарында үйрениў (3 күн).
Сынаў тәризинде халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиў менен байланыслы қәрежетлерди муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекет бюджети қәрежетлери ҳәм нызам ҳүжжетлери менен басқа қәрежетлер есабынан әмелге асырылады.
Дизимге алыўды өткизиў басланыўынан алдын жергиликли комиссиялар тәрепинен сынаў өткизилген аймақлардағы дизимге алыў участкасы хызметерлери, инструкторлар (супервайзерлер) ҳәм дизимге алыўшылар белгиленген тәртипте арнаўлы гүўалығы, сумка, дизимге алыў журналы формалары ҳәм канцелярия буйымлары менен тәмийинленеди.Сынаў тәризинде халықты дизимге алыў басланыўынан бир ай алдын жергиликли комиссияларға жынаятшылық көп ушырайтуғын аймақлар ҳәм тәрбиясы аўыр шаңарақлар ҳаққындағы мағлыўматлар тийисли аймақлық ишки ислер органлары тәрепинен усыныс етиледи.
Сынаў тәризинде халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиўге бәнт етилген шахслар менен белгиленген тәртипте шәртнамалар дүзиледи.Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар басқармасы, Сыртқы ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық тәлими министрлиги «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 24-статьясында белгиленген халықтың айырым тайпасына қарап дизимге алыў ислерин шөлкемлестиреди.
Егер респондент жасап турған жеринде дизимнен өтиўди қәлемесе, дизимге алыўшы оған инструкторлық участкасына барып дизимне өтиўди усыныс етеди ҳәм участка мәнзилин береди.Сынаў тәризинде халықты дизимге алыўдың жуўмақлары бойынша төмендеги ислер әмелге асырылады:
дизимге алыў дәстүри, дизимге алыў ҳүжжетлери формалары, дизимге алыўды өткизиў усыллары, дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиў бойынша тийкарғы ис-илажлары ҳәмде пайдаланылған информацион технологиялары сынаў нәтийжелери анализ қылынады; сынаў нәтийжелерине қарай 2022-жыл 1-июньге шекем 2023-жылда халықты дизимге алыў дәстүри, методик қолланбалар ҳәм норматив ҳүжжетлерге тийисли өзгерислер киритилиўи ҳәмде мағлыўматларды қайта ислеў усыллары ҳәм халықты дизимге алыў жуўмақларын шөлкемлестириў зәрүриятынан усыныслар ислеп шығылады. Сынаў тәризинде халықты дизимге алыўды өткизиў усы Нызамның тийисли бәнтлерине тийкар әмелге асырылады.
Шоманай районы статистика бѳлими.