Múrájat ushın isenim telefonı

background

Пуқара нызамға тийкар жазаланды.

Пуқара нызамға тийкар жазаланды.

Пуқаралық ислери бойынша Нѳкис районлараралық судының 2020-жыл 7-августь күнги суд буйрығына кѳре, қарыздар Ю.Н.И дан ѳндириўши К.А.Кның пайдасына, оның тәрбиясындағы жас ѳспирим перзенти тәмийнаты ушын ҳәр айдағы ис ҳақысы ҳәм басқа дәрәматларының ¼ бѳлими муғдарында алимент ѳндириў белгиленген.

Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери ўақтында, қарыздар Ю.Н.Иның алимент напақасынан қарыздарлығы 2020-жыл 15-июнь күнинен 20-октябрь күнине шекем айына 610 200 (алты жүз он мың еки жүз) сўмнан, жәми 2 542 500 (еки миллион бес жүз қырық еки мың бес жүз) сўмды қурап, қарыздар бир неше мәрте ескертилиўине қарамастан бас тартып келгенлиги себепли, Ѳзбекстан Республикасы ҲЖтКниң 474-статьясында кѳрсетилген материаллық жәрдемге мүтәж болған жас ѳспирим яки мийнетке жарамсыз шахсты, материаллық тәмийинлеўден бас тартқан, яғный оларды материаллық тәрептен тәмийинлеў ушын судтың шешиў қарарына яки суд буйрығы бойынша ѳндирилиўи лазым болған қаржыны, жәми болып еки айдан артық мүддет ишинде тѳлемесликте сәўлеленген, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық белгилери бар екенин инәбатқа алып, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында ис қозғалды ҳәм 15 сутка қамақ жазасы тайынланды.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районы бѳлими мәмлекетлик орынлаўшысы1-дәрежели юрист:Г.Т.Ерназарова

Skip to content