Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен “Ҳәр бир исбилермен-жасларға ғамқор” принципи тийкарында жасларды исбилерменликке тартыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмйинлеў мақсетинде жумыссыз ҳәм жәмлеспеген жасларда исбилерменлик көнликпелерин асырыў бойынша ушрасыў кешеси шөлкемлестирилди.
Ушрасыў барысында исбилерменлик искерлиги ҳәм оның түрлери ҳаққындағы мағлыўматларды әпиўайы, қызықлы, түсиникли креатив болған жаңа усылларда көргизбе қуралларынан пайдаланылған ҳалда түсиндирилди. Бул бағдар бойынша жумыслар район көлеминде даўам етпекте.
Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы